Министрлер Кабинетиниң «Жоқары оқыў орынлары студентлерине төленетуғын стипендиялар муғдарын белгилеў және стипендиялар тайынлаў ҳәм төлеў тәртибин жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша қарар жойбары жәрияланды.

 

Қарар жойбарына муўапық, 2021-2022-оқыў жылынан баслап «айырықша» баҳаларға оқып атырған ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж, мәмлекетлик грант ямаса төлемли контракт тийкарында оқып атырғанына қарамастан студент қызларды материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў ушын айма-ай төленетуғын «қызлар ушын арнаўлы стипендия» енгизиледи.

 

Бунда оларға жоқары оқыў орынлары тәрепинен белгиленген әмелдеги стипендия муғдарлары сақланып қалынған ҳалда қосымша тәризде базалық стипендия муғдарына арнаўлы стипендия белгиленеди.

 

Жоқары оқыў орынлары тәрепинен усы стипендияға талабан қызларды сайлап алыў ушын оқыў семестриниң жуўмағы бойынша пәнлерден өзлестириў көрсеткишлери тек ғана «айырықша» баҳа болғаны ҳәм социаллық қорғаўға мүтәжлиги сыяқлы критерияларды нәзерде тутатуғын айырықша Тәртип ислеп шығылады.

 

Мәмлекетлик грант ҳәм төлемли контракт тийкарында оқып атырған студент қызларға «қызлар ушын арнаўлы стипендия» белгилеў жоқары оқыў орынларының кеңеслери тәрепинен тастыйықланған Тәртипке муўапық анықланады ҳәм жоқары оқыў орны ректоры (филиал директоры)ның буйрығы тийкарында рәсмийлестириледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.