Жоқары оқыў орны студентлерине академиялық дем алыс бериў ҳаққындағы режени тастыйықлаў бойынша ҳүкиметлик қарар жойбары жәрияланған еди.

 

Жойбарға муўапық, буннан былай студентке шаңарағының наўқас ағзасына ғамқорлық етиў ушын да академиялық дем алыс берилиўи мүмкин болады. Бунда студенттиң шаңарақ ағзасы дегенде әкеси, анасы, әжағасы, үкеси, әжапасы, қарындасы (сиңлиси), өмирлик жолдасы көрсетилиўи нәзерде тутылған.

 

Шаңарақтың наўқас ағзасына ғамқорлық етиў ушын – студенттиң арзасына муўапық жоқары оқыў орны ректоры (филиал директоры) тәрепинен белгиленген тәртипте кеминде 1 семестр мүддетке академиялық дем алыс берилиўи мүмкин.

 

Мағлыўмат ушын, ҳәзирги ўақытта студентлерге академиялық дем алыс бериў тәртиби 2010-жыл 4-сентябрь күни Әдиллик министрлигинде дизимге алынған реже талаплары тийкарында әмелге асырылады ҳәм төмендеги жағдайларда берилиўи мүмкин:

 

– әскерий хызметти атқарыў ушын;

– саламатлығын тиклеў ушын;

– ҳәмиледарлық ҳәм туўыў ушын;

– балаларға ғамқорлық етиў ушын.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.