Америкалы илимпазлар шоколадтың жүрек-қан тамыр системасы ушын пайдалы екенлигин дәлилледи.

Шоколад ҳәм жүрек-қан тамыр кеселликлери арасындағы байланыслылықты анализлеў ушын  300 мың адамнан алынған мағлыўматлар талланды. Мәлим болыўынша, ҳәптесине кеминде бир мәрте шоколад жеген адамларда жүрек кеселлиги қәўипи басқаларға қарағанда  8 процентке аз болады.

Бул унамлы нәтийжелер шоколад қурамында стеарин кислотасы, флавоноидлар ҳәм полифеноллардың бар екенлиги менен түсиндирилди. Бул бирикпелердиң ҳәммеси жүректиң ислеўин күшейтеди.

Бирақ шоколадты ҳәдден тыс пайдаланыў семириў ҳәм диабетке алып келиўи мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги