Қурамында фруктоза ҳәдден тысқары мол болғанлығы ушын мазалы мийўелерди көп пайдаланыў қәўипли. Ол – моносахарид: егер көп жеп қойсаңыз, қанда холестерин муғдары көбейеди. Бул болса токсикалық висцерал май пайда болыўына және метоболик кеселликлерге алып келиўи мүмкин.

Бул процесстиң ең аўыр белгиси – қантлы диабет.

Биринши гезекте, писип өтип кеткен ҳәм жумсақ мийўелерден сақланыў керек: олардың қурамында фруктоза жүдә көп. Оның қандай мийўе екенлиги әҳмийетли емес: егер ол ҳәдден тысқары жумсақ болса ҳәм ол әдеўир ўақытқа шекем сақланған болса, онда бул мийўени жаман деп есаплаў мүмкин.

Қәнигелер суўы азлаў болған қатты мийўелерди таңлаўды усыныс етеди.

Тийкарынан киви, ананас, банан ҳәм мангоға итибар қаратыўға мәсләҳәт бериледи. Соның менен бирге, цитрус мийўелер, жүзим, қара смородина, крижовник сыяқлы мийўелерге көп үйренип қалмаў керек. Себеби олар организмде быжғыў процесин күшейтип жибериўи сөзсиз.

Асқазан-ишек жолы кеселликлерине шатылған адамлар мийўелерден пүткиллей ўаз кешкени мақул. Көби менен ҳәптесине еки алма менен бир алмурт жеў жетерли.

Қәнигелердиң пикиринше, бул шеклеўлер тек ғана лимонға қолланылмаўы мүмкин. Себеби оның қурамында пектин ҳәм биофлавоноидлар көп.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги