Көпшиликтиң хабары бар, Өзбекстан халықты коронавирусқа қарсы шаншыў мақсетинде бирнеше түрли вакциналарға буйыртпа бермекте.

 

Коронавирусқа қарсы гүресиў штабының ағзасы Нурмат Отабеков Өзбекстанда халықты шаншыў процесинде адамларға вакцинаны сайлаў имканияты берилиўи ямаса берилмеўи ҳаққында «Замон» бағдарламасына мағлыўмат берди.

 

Отабековтың мәлим етиўинше, пуқараларды коронавирусқа қарсы шаншыў ықтыярлы екенлигин естен шығармаў керек. Яғный, бул мәжбүрий емес. Усы тийкарда адамлар қайсы вакцина менен шаншылған болса, процесс сол вакцинадан шаншыў менен жуўмақланады. Қайсы вакцинаны сайлаў имканияты да адамлардың өз ықтыярында.

 

– Бирақ биз, қәнигелер пуқараларға жеткерип бериў, түсиндириў арқалы вакцинаның нәтийжеси жоқары екенлигин, оннан күтилген иммун тосықты қәлиплестириўде пайдасы болыўын түсиндирип жеткере алатуғын болсақ, ойлаған мақсетимиз ҳәм нәтийжеге ерисиўимиз мүмкин болады, – деп қосымша еткен Отабеков.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.