Усы жыл 2-март күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде «Әдил судлаўды тәмийинлеў-Қарақалпақстан Республикасын коррупциядан жырақ аймаққа айландырыўдың әҳмийетли факторы» атамасында конференция болып өтти.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткен илажда Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Академиясының илимпазлары, прокуратура, ишки ислер, суд уйымлары ҳәм мәпдар тараўлардың басшылары қатнасты.

Оны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов кирис сөз бенен ашты.

Конференцияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы З.Реймова басқарып барды.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы Г.Базарбаева, Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ф.Алламбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары Ө.Турдыбаев, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы Б.Матмуратов, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Академиясының профессоры, юридика илимлериниң докторы Г.Маликова, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, коррупцияға қарсы гүресиў, бул бойынша тастыйықланған «Жол картасы»нда белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеў бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Атап өтилгениндей, коррупция жәмийеттиң раўажланыўына қарсы қаратылған ҳәрекет сыпатында ҳәр қандай жәмийет ҳәм мәмлекетте социаллық-экономикалық машқалаларды келтирип шығарыўға себеп болатуғын фактор сыпатында баҳаланады. Президентимиздиң басшылығында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында коррупцияның алдын алыўға қаратылған системалы әмелий ислер алып барылып, тийисли илажлар көрилмекте. Атап айтқанда, соңғы жыллары суд-ҳуқық системасын буннан былай да жетилистириў, пуқаралардың әдил судлаўға ерисиў дәрежесин раўажландырыў, жәмийетте бул иллетке қарсы маўасасыз қатнас  қәлиплестирилмекте.

Президентимиздиң басшылығында 2020-жылдың 30-июнь күни әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы ўазыйпаларға бағышланып өткерилген  видеоселектор мәжилисинде Қарақалпақстан Республикасын коррупциядан жырақ аймаққа айландырыў, жынаятларды жылаўлаў, жынаятшылық профилактикасын буннан былай да жеделлестириў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилди. Усы ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы ҳәм  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен өткен жылдың 12-ноябри күни «Жол картасы» тастыйықланды.

Онда белгиленген илажлар тийкарында елимизде әдил судлаўды тәмийинлеў, коррупцияға қарсы гүресиў, жынаятшылықтың алдын алыў бойынша прокуратура, ишки ислер, суд уйымлары, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги менен биргеликте жүзеге келген машқалаларды сапластырыўда тығыз бирге ислесиў жолға қойылған.

Қарақалпақстан Республикасы судының Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, Жаслар аўқамы менен дүзилген Меморандумға тийкарында жумыс алып барылмақта. Атап айтқанда, жынаят ислери бойынша судта Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, Жаслар аўқамы тәрепинен берилген кепиллик хатлары тийкарында судланғанларға еркинен айырыў менен байланыслы болмаған  яки басқа түрдеги жеңилирек жаза шаралары қолланылмақта. Пуқаралық ислер бойынша судта некеден ажырасыў ҳаққында берилген даўа арзаларды көриў барысында пуқаралар жыйынларының жәрдеминде некелер сақлап қалынбақта.

Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасы судының Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы «Мадад» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги менен дүзилген Меморандум бойынша судларда «Халыққа бийпул ҳуқықый хызмет» бөлмелери шөлкемлестирилди. Режеде көрсетилген ҳәптениң белгили күнлеринде «Мадад» шөлкеми ҳәм әдиллик бөлимлериниң хызметкерлери пуқараларды қабыл етип, оларға бийпул ҳуқықый хызмет көрсетпекте.

Суд жумысының ашық-айдынлығын ҳәм жәриялылығын арттырыў мақсетинде суд баслықлары тәрепинен халық депутатларының жергиликли Кеңеслерине нызамшылықты беккемлеў, тийисли аймақтағы судланғанлық жағдайы, жынаят ислениўиниң себеплери, сондай-ақ, кәрхана, мәкеме, шөлкемлер ҳәм пуқаралардың бузылған ҳуқықларын қорғаў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мәлимлемелер берилип келинбекте. Олардың сапасын арттырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы суды тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине берилетуғын мәлимлемелерди таярлаў бойынша методикалық қолланба ислеп шығылды.

Юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң ҳуқықлары қорғалыўын тәмийинлеў мақсетинде суд, прокуратура ҳәм ишки ислер уйымлары менен биргеликте «Көшпели қабыллаў»лар, аралықта турып электрон нәўбет тийкарында «Онлайн қабыллаў»лар өткерилип, олардың ҳәр қандай мүрәжатлары тийисли тәртипте шешилмекте. Пуқараларды нызамларға әмел етиў руўхында тәрбиялаўда судлар тәрепинен аймақлардағы профилактика инспекторлары, пуқаралар жыйыны ақсақаллары менен тығыз байланыста үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Конференцияда баянатшылар тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар есапқа алынып, тийисли ўазыйпалар белгиленди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери