Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң кекселер  ҳәм ветеранларды қоллап-қуўатлаў ҳәм социаллық белсендилигин арттырыў бойынша орынбасарын тайынлаўға бағышланған мәжилис болып өтти.

Оны Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов басқарып барды.

Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов шығып сөйлеп, елимизде Президентимиздиң басшылығында кекселер ҳәм ветеранларды қоллап-қуўатлаў, олардың турмыс шараятларын жақсылаў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.

Мәжилисте Турсынбай Абдижаббаров Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң кекселер  ҳәм ветеранларды қоллап-қуўатлаў ҳәм социаллық белсендилигин арттырыў бойынша орынбасары етип тайынланды. Ол усы күнге шекем Нөкис районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының кекселер  ҳәм ветеранларды қоллап-қуўатлаў ҳәм социаллық белсендилигин арттырыў бойынша орынбасары болып ислеп келген.

Илажда Турсынбай Абдижаббаров шығып сөйлеп, өзине билдирилген исеним ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм бар билим және тәжирийбесин жумсайтуғынын атап өтти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги