Мәмлекетлик статистика комитети 2020-2021-оқыў жылы басынан Өзбекстандағы мектеплерде оқыўшылардың қайсы тиллерде оқытылып атырғаны бойынша статистикалық мағлыўматларды жәриялады.

 

Мағлыўматта жәрияланыўынша, Өзбекстан бойынша мектеплерде 126,5 мың оқыўшы қарақалпақ тилинде билим алмақта. Бул көрсеткиш өзбек тилинде 5352,1 мың, рус тилинде 642,5 мыңға тең.

 

Сондай-ақ, комитеттиң мағлыўматларына қарағанда, усы оқыў жылы басынан Қарақалпақстан Республикасындағы мектеплерде бир муғаллимге 9 оқыўшыдан туўра келеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.