Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2021-жыл 1-марттағы 263-санлы қарары тийкарында Сапаров Абдирахман Данабаевич Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баслығы етип тайынланды. Бул ҳаққында комитет баспасөз хызмети хабар берди.

 

А.Сапаров тайынлаўға шекем Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты тәбийғый пәнлер факультети деканы лаўазымында жумыс ислеген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.