«Чимён-2021» медиафорумында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм барлық ўәлаятлардан журналистлер қатнасты. Әнжуманнан соң Қарақалпақстан Республикасы Журналистлери дөретиўшилик аўқамының баслығы, Өзбекстанда хызмет көрсеткен журналист Кеңесбай Рейимовтың басшылығында бир топар журналистлер туўысқан қарақалпақлар жасайтуғын Ёзёвон районындағы Беккем дослық мәҳәллесине барды,-деп жазады Ферғана ўәлаяты Ёзёвон районы ҳәкимлигиниң баспасөз хызмети. Мийманлар бәҳәрдиң биринши күни мүнәсибети менен мәҳәлледе шөлкемлестирилген байрамда қатнасты. Мәҳәлледеги 35-мектепке, мәҳәлле баслығына, район ҳәкимлигине қарақалпақ тилиндеги китапларды саўға етти.

– Мектепте өткерилип атырған жаслар форумы үстинен шығып қалдық, – дейди қарақалпақстанлы журналист Абдималик Хожаназаров. – Кишкене ғана мектепте оқыўшыларға жаратылған шараяттан қуўанышлымыз.

– Мәҳәлледеги абаданшылық, қурылыс жумысларын көрип, қуўандық, – дейди Шымбай районы журналисти Раўаж Өтепбергенов. – Ески аўылда уста дийқанларды ушыраттық.

Район ҳәкимлиги тәрепинен мийманларға миллий шапан, тақыя саўға етилди.

Мийманлар мәҳәлле тарийхын үйренип атыр.

Қарақалпақстан хабар агентлиги