Халқымыздың сүйикли шайыры Зульфия дөретиўшилиги, ибратлы пазыйлетлери, турмыслық  көз қараслары менен елеге шекем көпшилик қызлар ушын үлги болыўға арзыйтуғын дөретиўши сыпатында еске алынады. Ҳәзирги ўақытта оның аты, дөретиўшилиги, пүткил жумысы, бәҳәр, ҳаялдың  мийрими, садықлығы, жанажан Өзбекстанымыз, гөззал тәбият пенен үнлес, десек қәте болмайды.

Ҳәр жылы елимизде бәҳәрдиң биринши күни Өзбекстан халық шайыры Зульфияның туўылған күни менен үнлес түрде белгиленеди. Бүгин Әлийшер Наўайы атындағы Миллий бағы Жазыўшылар қыябанындағы Зульфия естелигинде әдебият ықласбентлери, жазыўшы ҳәм шайырлар, кең жәмийетшилик ўәкиллери, студент-жаслар жыйналды.

Елимизде жәмийетте ҳаял-қызлардың абырайын күн сайын жоқарылатыў, оларға итибар ҳәм ғамхорлық көрсетиў, қоллап-қуўатлаў, социаллық қорғалыўын күшейтиў мәселесине әҳмийетли ўазыйпа сыпатында қатнас жасалмақта. 26-февраль күни Президентимиз өткерген видеоселектор мәжилисинде ҳаяллар, қызлардың турмыслық машқала ҳәм тәшўишлерин жеңиллетиў бойынша белгилеп алынған әмелий илажлар буның және бир айқын дәлили.

Ҳаял дөретиўшилерге итибар миллий әдебиятымызда да өз көринисин таппақта. Әсиресе, устаз шайыр ҳәм жазыўшылардың дөретиўшилик мийрасын үйрениў, ҳаял шайырларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға үлкен әҳмийет қаратылмақта.

Илажда Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, халық шайыры Сирожиддин Саййид, Өзбекстан Республикасы мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары Гулнара Маърупова, Ташкент медицина академиясының проректоры Турдиқул Бердимуратов, Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Муҳтарама Улуғова ҳәм басқалар белгили шайыр Зульфия дөретиўшилигинде Ўатанды, адамларды, тәбият, дүньяны жақсы көриў, қәдирлеў, өмирдиң, жақынлардың қәдирине жетиў, ҳақыйқый адамгершилик, ҳүрметти жырлайтуғыны әҳмийетли орын тутатуғынын атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен қурылған саўлатлы Жазыўшылар қыябаны жас шайыр қызларымыз ушын да поэзия, шеберлик, қәбилет, гөззаллық майданына айланды.

Жақсы нийетлер, ийгиликли мақсетлер менен елимизде көп жыллар алдын шөлкемлестирилген Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық қәбилетли қызларға тапсырылмақта. Бүгинги дәўир қызлардың тек ғана усы сыйлыққа емес, ал кишипейиллик, ҳақыйқый адамгершилик, әпиўайылықта, ҳадаллықта үлги болған Зульфияханымдай дөретиўшиге мүнәсип избасар болыўды талап етпекте.

Илажда шайыр Зульфия Мўминова устазға бағышланған қосығын оқып берди. Шайыр ҳәм дилмаш Бегойим Холбекова Зульфияның қосықларын инглис тилинде оқыды. Халқымыздың ардақлы шайыры атындағы мәмлекетлик сыйлық ийелери өз дөретиўшилигинен үлгилер айтты.

Зульфияның шаңарақ ағзасы Лола Муҳиддинова бүгин де дөретиўши мийрасына үлкен итибар қаратылып атырғанын, мәмлекетимиз тәрепинен устаз шайырдың дөретиўшилигин, естелигин қәдирлеў бағдарындағы үлкен итибар ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.

Әдебияттаныўшы илимпазлардың пикиринше, Зульфияның «Далада бир күн», «Таң қосығы» атлы қосықлар топламы, «Мен таңды жырлайман», «Жүрегиме жақын адамлар», «Қосықларым сизге» топламларында Ўатан гимни, мийнет процесинде пидайылық көрсетип атырған адамлардың өмири йошып жырланады. Оның «Қосығым шайырды излейди», «Айдын», «Қуяшлы қәлем» сыяқлы очерк ҳәм дәстанлары Ҳамза Ҳәкимзада, Айбек, Айдын, Ҳамид Әлимжан сыяқлы устазлардың жарқын естелигине бағышланған. Зульфия Ҳамид Әлимжанның «Суймурық», «Зейнеп ҳәм Аман» дәстанлары тийкарында пьеса ҳәм опера либреттосын да жаратқан. Зульфия «Үйлер», «Шалола» сыяқлы поэзиялық топламлары ушын Ҳамза атындағы Республикалық Мәмлекетлик сыйлықтың ийеси болған еди. Ҳинд темасындағы қосықлары ушын Жаваҳарлал Неру атындағы халықаралық сыйлық, тынышлық ҳәм дослықты жырлайтуғын шығармалары және раўажланып атырған Азия ҳәм Африка жазыўшылары ҳәрекетиндеги белсене қатнасқаны ушын халықаралық «Нилуфар» сыйлығына ерискен еди. Шайыр Ҳиндстан, Югославия, Шри Ланка, Египет, Бирма, Австрия сыяқлы еллерде болды. Ол 1956-жылы Азия ҳәм Африка жазыўшыларының Делиде өткерилген биринши конференциясында қатнасып, белгили «Мушойра» шығармасын жаратты. Оның қосықлары рус, инглис, немис, ҳинд, болгар, араб, парсы ҳәм басқа да тиллерге аўдарылған. Шайыр Некрасов, Лермонтов, В.Инбер, Леся Украинка, Эди Огнецвет, М.Дилбози ҳәм басқа да сырт ел дөретиўшилериниң шығармаларын өзбек тилине шеберлик пенен аўдарған.

– Зульфияның туўылған күни әййямы елимиз бойлап кеңнен белгилениўи жақсы дәстүрге айланған, – деди «Меҳнат шуҳрати» ордениниң ийеси Зульфия Мўминова. – Итибарға ылайық тәрепи, бул сәне жыл даўамында әдебият, поэзия байрамына айланып кетеди. Ташкент медициналық академиясы студент қызларының әдебий-көркем бағдарламасы қойып берилди.

Илаж қатнасыўшылары Зульфия естелигине гүллер қойды. Бундай илажлар елимиздеги барлық оқыў орынларында, китапханаларда, мәҳәллелерде, дөретиўшилик шөлкемлерде даўам етпекте.

 

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы