Президент Шавкат Мирзиёев 1-март күни Сырдәрья ўәлаятының инвестициялық жойбарларының презентациясы менен танысты.

Усы жыл ушын ўәлаятта 737 жойбар қәлиплестирилген. Олардың улыўма баҳасы 25 триллион 500 миллиард сум болып, соннан дерлик 900 миллион долларын сырт ел инвестициялары қурайды. Жойбарлар нәтийжесинде жылына 11 триллион сумлық өндирислик қуўатлылық, дерлик 36 мың жумыс жумыс орнын жаратыў мақсет етилген. Және бир әҳмийетли тәрепи, жаңа кәрханалар 326 миллион долларлық өнимди экспорт етиў, 124 миллион долларлық импорттың орнын басыў имканиятын береди. Жойбарларды қәлиплестириўде тоқымашылық, қурылыс материаллары, фармацевтика ҳәм азық-аўқат санааты «драйвер» сыпатында белгилеп алынған.

Сырдәрья ўәлаятында 200 мың тоннадан аслам пахта жетистириледи. Мәмлекетимиз басшысының қайта ислеўди тереңлестириў, шийки затты қосымша қунлы өнимге айландырып сатыўға қаратылған сиясаты нәтийжесинде бул бағдардағы көрсеткишлер өсип бармақта. Атап айтқанда, 2020-жылы ўәлаятта жергиликли шийки заттан трикотаж гезлеме таярлаў дәрежеси 70, кийим-кеншек ислеп шығарыў дәрежеси 75 процент болған болса, усы жылы буларды 100 процентке жеткериў мөлшерленген.

Тоқымашылық тараўында әмелге асырылатуғын 29 жойбар бунда әҳмийетли орын тутады. Олардың нәтийжесинде дерлик  818 миллиард сумлық өндирис қуўатлылығы шөлкемлестирилип, қосымша қун 2,5 есеге артады. 6 мың 600 ден аслам жумыс орны жаратылады.

Қурылыс материаллары санаатында 16 жойбар режелестирилген. Мәселен, Янгиер қаласында кафел, Сайхунабад районында газоблок, Ховос районында гипсокартон ислеп шығарыў жолға қойылады. Барлық кәрханаларды быйыл иске қосып, 2 мыңға шамалас адамның бәнтлигин тәмийинлеў нәзерде тутылған.

Азық-аўқат тармағында мийўе-овощларды қайта ислеў, мәш жетистирип, экспорт етиў, балықшылық кластерин шөлкемлестириў сыяқлы 51 жойбар әмелге асырылатуғыны режелестирилген. Олардың нәтийжесинде базарға арзан ҳәм сапалы өнимлер шығарылып, баҳаның турақлылығына үлес қосылады. 3 мың 500 ге шамалас адамның бәнтлиги тәмийинленеди.

Фармацевтика тараўындағы 9 жойбардың да нәтийжелилиги жоқары. Гүлистан қаласы ҳәм Сырдәрья ўәлаятында пайдаланыўға тапсырылатуғын кәрханаларда инфузиялық еритпелер, таблеткалар ҳәм басқа да медициналық қураллар ислеп шығарылады.

Мәмлекетимиз басшысы Мирзаабад районында Гужарат санаат зонасын шөлкемлестириў жойбарына айрықша әҳмийет қаратты. Жоқары дәрежедеги келисимлер нәтийжеси болған бул комплексте экономика талап етип атырған әҳмийетли жойбарлар жайластырылмақта. Атап айтқанда, ол жерде тамшылатып суўғарыў ҳәм ыссыхана үскенелери, аўыл хожалығы техникасының агрегатлары ҳәм мини техникалар, пластмасса буйымлар, трикотаж, азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўшы 8 кәрхана болады. Оларда 1 мың 600 ден аслам адам жумыс ислейди. Жылына 25 миллион долларлық экспорт имканияты жаратылады.

Бүгинги күнде бул санаат зонасы ушын 40 гектар жер ажыратылған. Оны шөлкемлестириўге 100 миллион доллар тиккелей сырт ел инвестициясы тартылатуғыны белгиленген. Кәрханалар 2021-2023-жыллары избе-из иске қосылады.

Президент жойбарлардың орынланыўында сапа ҳәм мүддетке айрықша итибар қаратыў, импорттың орнын басыўшы өнимлер ислеп шығарыўды көбейтиў бойынша көрсетпелер берди. Сырдәрья ўәлаятының Ташкент қаласына жақын екенлиги, темир жол инфраструктурасынан пайдаланып, логистиканы раўажландырыў, қоңсы мәмлекетлер менен бирге ислесиўди кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Презентацияда, сондай-ақ, халықты кәмбағаллықтан шығарыў, жаслар ҳәм ҳаяллардың бәнтлигин арттырыў бағдарындағы жумысларға да тоқтап өтилди.

 

ӨзА