Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети тәрепинен быйылғы жылдың Мәмлекетлик бағдарламасындағы жоқары билимлендириў системасына байланыслы ўазыйпаларды нәтийжели орынлаўдың анық механизмлерин енгизиў темасында конференция өткерилди.

Комитет тәрепинен Мәмлекетлик бағдарламаның 227-240-бәнтлеринде нәзерде тутылған ўазыйпалар  бирме-бир додаланды.

Мәмлекетлик бағдарламаның 238-бәнтинде өзин-өзи қаржыландырыў системасына өткерилген жоқары билимлендириў мәкемелерине берилген ўәкилликлер  ҳәм ҳуқықларды қайта көрип шығыў белгиленген. Илажда усы системаның  ашық-айдынлығын тәмийинлеў ушын көрилген илажлар талланды.

Сондай-ақ, усы бәнтте республикадағы 30 жетекши мәмлекетлик жоқары билимлендириў  мәкемесине оқыў бағдарламасын ислеп шығыў ҳуқықы берилген. Жоқары билимлендириўди раўажландырыў изертлеўлери ҳәм алдынғы технологияларды  енгизиў орайының  процессти муўапықластырыўдағы орны ҳәм ролин және де күшейтиў бойынша белгиленген илажлар да көрип шығылды.

Мәмлекетлик бағдарламаның 232-бәнтине муўапық, Жоқары оқыў орынларының қамтып алыныўын арттырыў бағдарында кейинги жылларда студентлердиң контингенти орташа  3 есеге артқанлығы атап өтилди. Бул болса, өз гезегинде, жоқары мағлыўматлы болып, келешекте жоқары маманлықтағы кадр болмақшы болған жасларға үлкен имканият екенлиги әйне ҳақыйқат болып есапланады.  Бирақ, бул процессте  билимлендириў сапасы дәрежесиниң  артыўына да айрықша итибар қаратыў зәрүр.

Оның ушын жоқары маман ҳәм илимий потенциаллы профессор- оқытыўшылардың санын арттырыў арқалы олардың арасында саламат бәсеки орталығын жаратыў ҳәм соның менен бир қатарда студентлердиң билим алыўға болған жуўапкершилигин арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Илажда депутат М.Ибрагимов жоқары билимлендириў мәкемелерине таңлаў тийкарында  жумысқа қабыл етиўде профессор-оқытыўшыларға қойылып атырған шәртлерди күшейтиў бойынша тийисли пикир- усыныслар берди.

Мәмлекетлик бағдарламаны әмелге асырыўға байланыслы пәрманның 4-бәнтине тийкарланып «Эл-юрт умиди» қоры арқалы абырайлы сырт ел университетлериниң магистратура ҳәм докторантурасында оқыўға жиберилетуғын  жаслардың саны  5 есеге арттырылады. Сырт елде бакалавриат билимлендириў  бағдарламалары  бойынша оқытыў системасы енгизилип, 2021-жылы  100 жастың сырт елге билим алыў ушын жиберилетуғыны, сондай-ақ, «Эл-юрт умиди» қоры бир ай мүддетте мәмлекетлик хызметкерлер ҳәм қәнигелерди сырт елде таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша анық илажлар ислеп шығатуғыны белгиленген.

Комитет ағзасы М.Валиевтиң  пикирине бола, сырт ел  университетлериниң магистратура ҳәм докторантурасына оқыўға жиберилетуғын жаслар арасындағы таңлаўлар Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар кесиминде өткерилиўи зәрүр. Бул болса ҳәр бир аймақта сырт ел университетлеринде илимий жумыслар менен шуғылланатуғын жаслардың артыўына алып келеди. Нәтийжеде аймақлардағы жоқары билимлендириў мәкемелери илимий потенциаллы ҳәм сырт елли билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиўи жаңа басқышқа  көтериледи.

Сондай-ақ, депутатлар питкериўшилер исенимли Питкериў қәнигелик жумысы ямаса қәнигелик пәнинен мәмлекетлик имтихан тапсырыўы,  классификацияланған төлемли-контракт төлемлерин енгизиў, өндирислик кәрханаларды жоқары билимлендириў мәкемелериниң билимлендириў бағдарлары ҳәм оқыў бағдарларын ислеп шығыўға тартыў, сыртқы билимлендириў бағдарларына тек жумыс стажына ийе студентлерди қабыл етиў ҳаққында усынысларын берди.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы