Усы жылдың 28-февраль күни саат 13:00 лерде Хожели районлық ИИБға келип түскен хабарға муўапық, сол күни саат 12:30 ларда Хожели районы «Мәденият» МПЖ аймағында жасаўшы пуқара А.А.ның ески үйин пуқаралар Б.Қ., С.Л. ҳәм Ж.Т.лар бузып атырған ўақтында дийўал қулап түскенлиги ақыбетинде олардын үшеўи де дийўал астында қалып қойып, ўақыя орнында қайтыс болған. Бул ҳаққында ҚР Прокуратурасы хабар берди.

 

Усы ҳәдийсе бойынша Хожели районлық ИИБ Тергеў бөлимшеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 257-статьясы 2-бөлими «а» бәнти менен жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Жынаятлы истиң тергеўи Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы тәрепинен бақлаўға алынған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.