Өзбекстан мәмлекетлик Денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында «Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген денетәрбиясы ҳәм спорт хызметкери», «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери», волейбол бойынша халықаралық категорияға ийе төреши, Қарақалпақ мәмлекетлик университети спорт клубы баслығының орынбасары, доцент Юрий Иванович Кулаковтың 85 жыллық юбилейине бағышланған байрам илажы шөлкемлестирилди.

Илажда шығып сөйлегенлер,  Ю.Кулаковтыӊ адамгершилик пазыйлетлерин, спорт тараўын раўажландырыўдағы пидайы мийнетлери  туўралы кең түрде сөз етти.

 

 

Қарақалақстан Республикасы Волейбол федерациясын 50 жыл, Қарақалпақстан футбол ветеранлары Аўқамын 6 жылдан аслам ўақыт даўамында басқарып, ярым әсирлик өмирин жәмийетлик жумысларға бағышлаған.

 

 

Ю.Кулаков бүгинги күнге шекем университеттиң Спорт клубы баслығының орынбасары лаўазымында жумыс ислеп, жасларға өзиниң баҳалы тәжирийбелерин бөлисип, үйретип келмекте.

 

 

Илаж соңында устаз спортшы Ю.Кулаковқа филиал жәмәәти тәрепинен таярланған саўғалар тапсырылды.

 

И.Джақсымуратов,

Филиал Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми жетекшиси.

Қарақалпақстан хабар агентлиги