Талантлы инсанлар елаты есапланған Шымбай районында елимизге белгили көплеген хош ҳаӯаз қосықшылар, бақсы ҳәм сазенделер, «он бармағы өнерли» уста өнерментлер ҳәм художник-мүсиншилер өсип  жетилискен.

Олар өзлериниӊ бай ҳәм тәкирарланбас таланты менен бүгинги күни елимизди пүткил дүньяға танытпақта.

Усындай халқымыз арасында өсип киятырған жас талантлы нәӯшелерге заман талабына сай тәлим-тәрбия бериӯде Шымбай районындағы 8-санлы Балалар Музыка ҳәм көркем өнер мектебиниӊ тутқан орны айрықша болып табылады.

 

 

Ӽәзирги күнлери 386 оқыӯшы 12 бағдар, яғный, халық сазлары, демли ҳәм тарлы әсбаплар, фортепиано, миллий бақсышылық, қосық айтыӯ, эстрада ҳәм эстрада әсбаплары, сүӯретшилик, қол өнери, хореография, театр өнери ҳәм сазендешилик бағдарлары бойынша тәлим алып атырған бул мектепте жаслардыӊ билим алыӯы ҳәм өнер ийелеӯи ушын барлық көплеген шараятлар жаратылып берилген.

 

 

-Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ  «Бес баслама-Бес имканият» басламасы тийкарында усы жылдыӊ январь  айынан баслап, райондағы барлық мектеп оқыӯшылары ушын ҳәр қыйлы дөгереклер шөлкемлестирилип, оған музыка ҳәм көркем өнерге қызығыӯшы 7-11-класс аралығындағы оқыӯшыларды тартып атырмыз,-дейди  мектеп директоры Байрамбай Ембергенов.-Атап айтқанда усы жаслар менен биргеликте мектебимизде «Қарлығаш» аяқ ойын,  «Жас дуӯтаршылар» , «Сайра гитарам», «Лаққылар ели», «Жас сүӯретшилер» дөгереклерин шөлкемлестирип, оларға тәжирийбели муғаллимлерди устаз сыпатында бекиткенбиз. Буннан усы дөгерекке ағза оқыӯшылардыӊ да, олардыӊ ата-аналарыныӊ да кеӯли толмақта.

Ӽақыйқатында бизлер усы мектеп турмысы менен танысар екенбиз  дөгереклерге  турақлы түрде қатнасып, онда тәлим алып атырған жасларды көрип оларға ҳәӯесимиз келди.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.