Ферғана ўәлаятында бир нешше күннен берли «Чимён-2» медиафорумы болып өтпекте.

Журналистлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери белсене қатнасып атырған бул басқоспа қызғын пикир-таласларға бай болмақта.

Медиафорумға Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген журналист К.Реймов, Нөкис районы «Ақманғыт таңы» газетасының редакторы А.Хожаназаров, Әмиўдәрья районы «Тараққиёт кўзгуси» газетасының редакторы Ғ.Ешниязов, Шымбай районы «Шымбай ҳаўазы» газетасының редакторы Р.Өтепбергенов белсене қатнаспақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги