Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде математика пәнинен Ал-Хорезмий олимпиадасының Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилди.

Олимпиада Президентимиздиң 2020-жыл  1-майдағы «Математика тараўында билим бериўдиң сапасын арттырыў ҳәм илимий-изертлеўлерди раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилди.

Бул басқышта республикамыздағы қалалық ҳәм районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериниң 7-8-класс оқыўшылары қатнасты ҳәм математика пәни бойынша өзлериниң билимлерин сынақтан өткерди.

Олимпиада жуўмағында  Г.Шерматова (Әмиўдәрья районы), Қ.Сәрсенбаев (Қоңырат районы), Д.Батирова ҳәм Н.Хайруллаев (Елликқала районы), И.Реймбаев ҳәм А.Қәдирбаев (Хожели районы) лар жеңимпаз деп табылып, усы жыл март айында өткерилетуғын Өзбекстан Республикасы басқышына жоллама алды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,  

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы