Өзбекстан Республикасы Президентиниң

п ә р м а н ы

Елимизде аўыл хожалығын раўажландырыў, аграр тараўдың барлық тармақларын қаржыландырыў, ишки базарда баҳаның турақлылығын тәмийинлеў, жоқары қосымша қун шынжырын жаратыў, аграр тараўды механизациялаў, өним жетистириў, сатып алыў ҳәм сатыўда базар принциплерин кеңнен енгизиў мақсетинде:

  1. 1. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги, Аўыл хожалығы министрлигиниң аўыл хожалығын қаржыландырыўдың қосымша механизмлери ҳәм қаржы қуралларын енгизиўди кеңейтиў мақсетинде Қаржы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығын мәмлекет мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда – Қор) жумысын жаңа басқышқа көтериўге байланыслы усынысы мақуллансын.
  2. 2. а) агротехникалық илажларды, соның ишинде, гүзги шүдигарлаўды ҳәм егислик майданларға минерал төгинлерди бериўди өз ўақтында тәмийинлеў мақсетинде 2022-жылдың зүрәәтинен баслап пахта шийки затын жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў тийисли қаржы жылынан алдыңғы жылдың 1-ноябринен басланатуғыны;

б) пахта жыйын-терими ушын коммерциялық банклер тәрепинен ажыратылған кредитлер бойынша процент ставкасының бир бөлегин қаплаў ушын компенсация төлеў Қордың есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

Онда:

миллий валютада ажыратылатуғын коммерциялық кредитлер бойынша процент ставкасының Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан асатуғын, бирақ 10 процент пунктинен көп болмаған бөлегин;

сырт ел валютасында ажыратылатуғын кредитлер бойынша коммерциялық банклер тәрепинен белгиленген процент ставкасының 30 процентине шекем, бирақ 3 процент пунктинен көп болмаған бөлегин қаплаў ушын компенсация кредитиниң дәслепки 9 айы ушын төленеди.

Аўыл хожалығы министрлиги Қаржы министрлиги ҳәм Орайлық банк пенен биргеликте бир ай мүддетте усы бәнтте нәзерде тутылған мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажларын әмелге асырыў тәртибин тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. 3. Овощ жетистириў жумысын қоллап-қуўатлаў мақсетинде сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2021-жылы:

овощ жетистириў кластерлери, фермер хожалықлары ҳәм басқа да овощ жетистириўшилерге коммерциялық банклер тәрепинен 9 ай мүддетке жыллық процент ставкасы Орайлық банктиң тийкарғы ставкасында (соннан, банк маржасы 2 процент) жетистирилетуғын овощ баҳасының 40 процентине шекемги муғдарда кредит ажыратылады;

овощ жетистириў қәрежетлерин кредитлеў ушын Қор тәрепинен 9 ай мүддетке жыллық процент ставкасы Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан еки процент пункт азайтқан ҳалда коммерциялық банклерге жайластырылады;

коммерциялық банк тәрепинен кредитлер келисимде белгиленген мүддетте қайтарылмаса, кредитлердиң қайтарылмаған бөлегине процентлер Орайлық банктиң тийкарғы ставкасына 6 процент пункт қосып есапланады.

2022-жылдың зүрәәтинен баслап, тийкарғы майданларда овощ жетистириў ушын ажыратылтуғын коммерциялық кредитлер бойынша процент ставкасының Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан асатуғын бөлеги ушын компенсация төлеў системасы енгизиледи.

  1. 4. 2021-жылдан баслап Қорға төмендегилерди қаржыландырыў ушын Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетинен қаржы ажыратылсын:

тартылған сырт ел кредитлери бойынша валютаның алмасыў курсының өзгериў нәтийжесинде пайда болатуғын зыян;

пахта жыйын-терими ушын аўыл хожалығы кәрханаларына ажыратылатуғын коммерциялық кредитлер бойынша процент ставканың бир бөлегин қаплаў ушын төленетуғын компенсация;

қаржы жетиспеўшилигин сапластырыў ушын тартылған қаржылар, соның ишинде, бюджет ссудасы ҳәм коммерциялық банклерге аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын жайластырылған ресурслардың процент ставкалары арасында жүзеге келетуғын унамсыз айырмашылық.

Қаржы министрлиги усы бәнтте нәзерде тутылған мақсетлер ушын қаржыларды 2021-жылы Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетиниң қосымша дәреклери есабынан қаржыландырсын ҳәм 2022-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутсын.

  1. 5. Төмендегилер Қордың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

пахта шийки затын ҳәм бийдай жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў;

тийкарғы майданларда егилетуғын овощ өнимлерин жетистириўди қаржылай қоллап-қуўатлаў;

ишки базарда дән ҳәм нан өнимлери баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў ушын зәрүр бийдайды базар баҳаларында сатып алыў ҳәм биржа саўдаларына қойыў;

фермер хожалықлары ҳәм басқа да аўыл хожалығы шөлкемлерине заманагөй, жоқары нәтийжели аўыл хожалығы техникасын жеткерип бериўди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў;

аўыл хожалығын қаржыландырыў ҳәм есап-санақ системасына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў;

раўажланған мәмлекетлердиң аграр тараўын қаржыландырыў бойынша тәжирийбесин үйрениў және оларды республикамызда енгизиў.

  1. 6. а) төмендегилер Қор қаржыларын қәлиплестириўдиң тийкарғы дәреклери болып есапланатуғыны:

коммерциялық банклерге мақсетли және лизинг шөлкемлерине аўыл хожалығы техникасын лизинг шәртлеринде жеткерип бериўди қаржыландырыў ушын жайластырылған кредит ресурслары және қарыз қаржыларын қайтарыўдан түсетуғын түсимлер ҳәм оларға есапланған процент төлемлери;

Қор тәрепинен сатып алынған бийдайды сатып алыў (сатып алыў, сақлаў, тасыў ҳәм сатыў қәрежетлери менен бирге) ҳәм сатыў баҳалары арасында жүзеге келген унамлы айырмашылық;

тартылған сырт ел кредитлери бойынша валюта алмасыў курсының өзгериўи нәтийжесинде пайда болатуғын зыянды қаплаў ушын Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетинен ажыратылған қаржылар;

тартылатуғын кредитлер, соның ишинде, сырт ел кредитлери ҳәм инвестициялар, халықаралық финанс институтларының грантлары ҳәм донор шөлкемлериниң қаржылары;

Қордың қаржыларын коммерциялық банклерге дипозитке жайластырыўдан түсетуғын дәраматлар;

аўыл хожалығы техникасы лизинг ямаса кредит шәртллеринде сатып алынғанда олардың процент қәрежетлери, сондай-ақ, аўыл хожалығы техникасын сатып алыў ушын субсидия және комбайнларды сырт елде хызмет көрсетиўи (хызметлер экспорты) ушын тасыў транспорт қәрежетлерине компенсация төлеўге Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетинен ажыратылған қаржылар;

пахта жыйын-терими ушын ажыратылатуғын коммерциялық кредитлер бойынша процент ставканың бир бөлегин қаплаўға компенсация төлеў ушын Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетинен ажыратылған қаржылар;

қаржы жетиспеўшилигин сапластырыў ушын тартылған қаржылар, соның ишинде, бюджет ссудасы ҳәм коммерциялық банклерге аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын жайластырылған ресурслардың процент ставкалары арасында пайда болатуғын унамсыз айырмашылықты қаплаў ушын Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетинен ажыратылған қаржылар;

бюджет системасының бюджетлеринен тартылатуғын қаржылар;

нызамшылықты қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

б) Қордың қаржылары  төмендеги мақсетлер ушын жумсалатуғыны:

пахта шийки заты, бийдай және тийкарғы майданларда егилетуғын овощ өнимлерин жетистириўди қаржыландырыў ушын коммерциялық банклерге ресурс жайластырыў;

Ғәлле жетистириў, сатып алыў ҳәм сатыўға базар принциплерин кеңнен енгизиўди муўапықластырыўшы Республикалық кеңестиң усынысына тийкарланып коммерциялық ўәкил менен биргеликте ишки базарда баҳаның турақлылығын тәмийинлеў ушын сырт еллерден бийдай сатып алыў;

тартылған бюджет ссудасы, кредит ҳәм оған есапланған процентлерди қайтарыў;

тартылған сырт ел кредитлери бойынша сырт ел валютасы ҳәм сумдағы барлық қәрежетлерди, сондай-ақ, валюта курсы және процент төлемлери бойынша пайда болатуғын зыянларды қаплаў;

аўыл хожалығы техникасы лизинг ямаса кредит шәртлеринде сатып алынғанда олардың процент қәрежетлери, сондай-ақ, аўыл хожалығы техникасын сатып алыў ушын нызамшылықта белгиленген муғдарда субсидия төлеў;

комбайнлардың сырт елде хызмет көрсетиўи (хызметлер экспорты) ушын тасыў транспорт қәрежетлерине нызамшылықта белгиленген муғдарда компенсация төлеў;

пахта жыйын-терими ушын коммерциялық кредитлер бойынша процент ставканың бир бөлегин қаплаў ушын нызамшылықта белгиленген муғдарда компенсация төлеў;

Қор тәрепинен сатып алынған бийдайды сатып алыў (сатып алыў, сақлаў, тасыў ҳәм тасыў қәрежетлери менен бирге) ҳәм сатыў баҳалары арасындағы унамлы айырмашылық бойынша зыянларды қаплаў;

Қаржы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорын басқарыў департаментин сақлаў қәрежетлерин қаржыландырыў.

в) Қордың қаржыларынан мақсетли пайдаланыўды қадағалаў Қаржы министрлигиниң Мәмлекетлик финанслық қадағалаў департаменти тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. 7. Төмендегилер:

Қордың барлық есап бетлерине, соның ишинде, Қордың айланыс қаржылары есабынан операциялар өткерилетуғын тийисли банк есап бетлерине шеклеў илажларының қолланылмайтуғыны;

Қордың қаржылары белгиленген мүддетлерде қайтарылмаған жағдайда, олар Қор тәрепинен инкассо тапсырмасы менен  өндирилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 8. Қаржы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қоры кеңесиниң қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Төмендегилер Қор кеңесиниң тийкарғы ўазыйпалары  етип белгиленсин.

ғәлле жетистириў, сатып алыў ҳәм сатыўға базар принциплерин кеңнен енгизиўди муўапықластырыўшы Республикалық кеңеске ишки базарда баҳаның турақлылығын тәмийинлеў ушын сырт еллерден бийдай сатып алыўға байланыслы усыныс киргизиў;

Қор және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлардың аграр тараў тармақларын қаржыландырыў ҳәм раўажландырыў бойынша әмелге асырып атырған жумыслардың нәтийжеси ҳаққында есабатларын тыңлаў;

Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинетине Қордың жумысын жетилистириўге байланыслы усынысларды киргизиў;

Қор тәрепинен таярланатуғын Қордың түсимлер ҳәм қәрежетлер балансын көрип шығыў ҳәм оның Министрлер Кабинетине киргизилиўин тәмийинлеў;

Қаржы министрлигиниң Мәмлекетлик финанслық қадағалаў департаментиниң Қордың қаржыларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша өткерген қадағалаў илажларының нәтийжелери бойынша жуўмақларды додалаў ҳәм кемшиликлерди сапластырыў илажларын көриў.

  1. 9. Қаржы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорын басқарыў департаментиниң (кейинги орынларда – Департамент) структурасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. 10. Департаментке, бурынғысынан өзгеше тәризде, Қордың қапржыларын электрон аукцион өткермей тиккелей шәртнамалар тийкарында коммерциялық банклерде депозитке жайластырыў ҳуқықы берилсин.
  3. 11. Орайлық банк бир ҳәпте мүддетте Қорға қаржы операцияларын өткериў ушын миллий ҳәм сырт ел валютасында тийисли арнаўлы есап бетлер ашылыўын тәмийинлесин.
  4. 12. Қаржы министрлиги:

Қорда ўақтынша қаржы жетиспеўшилиги пайда болғанда, усы жылдың өткен дәўиринде жайластырылған мәмлекетлик баҳалы қағазлардың орташа процент ставкасында еки жыл мүддетке шекем бюджет ссудасын ажыратсын;

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Монополияға қарсы гүресиў комитети, Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте баҳаның турақлылығын тәмийинлеў ушын дән сатып алыў, сатыў ҳәм сақлаў системасын жетилистириў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. 13. Аўыл хожалығы министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Қор тәрепинен хожалық жүргизиўши субъектлерге компенсация ҳәм субсидияларды төлеў тәртибин әпиўайыластырыў ҳәм жетилистириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.

Онда Қор тәрепинен компенсация ҳәм субсидияларды төлеў Аўыл хожалығы министрлигиниң буйыртпалары тийкарында әмелге асырылатуғыны нәзерде тутылсын.

  1. 14. Төмендегилер:

Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоров усы Пәрманның толық ҳәм өз ўақтында орынланыўына, жуўапкер министрлик ҳәм уйымлардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириўге және муўапықластырыўға, олардың басшыларының көрилген илажлар ҳаққындағы есабатларын тыңлаўға, анықланған машқала ҳәм кемшиликлерди жедел сапластырыўға;

қаржы министри Т.А.Ишметов аграр тараўды қаржыландырыўда пайда болатуғын жетиспеўшиликти қаплаў ушын зәрүр қаржыларды бюджет системасы бюджетлери есабынан өз ўақтында ажыратыўға, сондай-ақ, бюджеттен қосымша ажыратылған қаржылардың мақсетли жумсалыўын қадағалаўға жеке жуўапкер екенлиги белгиленсин.

  1. 15. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына 3-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  2. 16. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлери 4-қосымшаға муўапық өз күшин жоғалтқан деп есаплансын.
  3. 17. Қаржы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. 18. Усы пәрманның орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша  мәлимлеме берип барылсын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 26-февраль