Усы жыл 27-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги Өзбекстан Халық демократиялық партиясы фракциясы ҳәм ӨзХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Атқарыў комитети тәрепинен өткен жыл даўамында әмелге асырылған жумыслардың жуўмағы ҳәм быйылғы жылға бегиленген ўазыйпаларға бағышланған қоспа мәжилиси болып өтти.

Оны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов кирис сөз бенен ашты.

Фракция басшысы Х.Ешимбетов ҳәм басқа да шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, өткен жыл даўамындағы жумыслар тастыйықланған ис-режеге муўапық ҳәм бағдарламаларда белгиленген  әҳмийетли ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда әмелге асырылды. Депутатлар тийкарғы итибарды әмелий жумысларға, соның ишинде, фракция халықтың жәрдемге мүтәж қатламының мәплерин қорғаў бойынша усыныслар бериўге айрықша итибар қаратпақта.

Усыған муўапық, өткен жыл даўамында Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында ислеп шығылған ҳәм көрип шығылып атырған 70 тен зыят Нызам жойбары додаланып, оларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясының, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериндеги депутатлық топарлары ағзалары тәрепинен 50 ден зыят усыныс берилди. Атап айтқанда, «Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы, «Халықтың бәнтлиги ҳаққында»ғы, «Транспорт ҳаққында»ғы, «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызам жойбарларына тийисли усыныслар билдирилди.

Буннан тысқары, партияның сайлаўалды бағдарламасын турмысқа енгизиў мақсетинде, 2020-жылға мөлшерленген әмелий Ҳәрекетлер бағдарламасы қабыл етилди. Ҳәр жылы жылға атама берилиўи мүнәсибети менен қабыл етилетуғын Ҳәрекетлер бағдарламалары тийкарында партияның бағдарламаларына тийисли өзгерислер киргизилип, оның орынланыўы турақлы түрде қадағалаўға алынды.

Фракция ағзалары өткен дәўирде усы әмелий Ҳәрекетлер бағдарламасының орынланыўы бойынша мәжилислерде 4 мәселе, 3 мәселе тийисли комитетлерге, 2 мәселениң сессияның күн тәртибине киргизилиўинде қатнасты. Сондай-ақ, фракция депутатлық қадағалаўды избе-из алып барыўға айрықша итибар қаратты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясы, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериндеги депутатлық топарлары ағзалары  тәрепинен әҳмийетли мәселелер бойынша 25 мәрте мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының мәлимлемелери сын көзқарастын тыңланды ҳәм олардың жуўмағы менен машқалаларды сапластырыўға қаратылған тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Президентимиздиң басшылығында өткен жылы 20-апрель күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде алғы қойылған «Сақаўат ҳәм көмек» улыўма халықлық ҳәрекетин шөлкемлестириў ҳәм оны әмелге асырыў басламасының мазмун-мәнисин, онда билдирилген пикирлерди кең жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде Өзбекстан Халық демократиялық партиясының шөлкемлери ҳәм барлық дәрежедеги депутатлық топарлары тәрепинен карантин дәўиринде әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша «Жол картасы» ислеп шығылды.

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы ҳәм оның Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги фракциясының басламасы менен жалғыз кекселер, бағыўшысынан айрылған шаңарақларға, майыплығы болған шахсларға ҳәм шетки аймақларда жасаўшы жәрдемге мүтәж шаңарақларға азық-аўқат, санитария-гигиена қураллары ҳәм дәри-дәрмақлар жеткерип бериўди шөлкемлестириў, карантин қағыйдаларын орынлаў үстинен жәмийетлик қадағалаўды орнатыўда «Партия волонтёрлары жәмәәтлери»не партия Кеңеслеринен 28 жуўаплы хызметкер, жергиликли Кеңеслерден 84 депутат бириктирилди. Өткерилген «Сақаўат ҳәм көмек» қайырқомлық акциялары даўамында 800 ден зыят жоқарыдағыдай шаңараққа, майыплығы болған шахсларға ҳәм жалғыз кекселерге азық-аўқат, санитария-гигиена қураллары ҳәм дәри-дәрмақлар жеткерип берилди.

Өткен дәўирде фракция ағзалары сай      лаў округлеринде болып, өзлери сайланған аймақлардағы пуқаралар менен тығыз байланыс орнатыўға итибар қаратылды. Нәтийжеде өткен жыл даўамында пуқаралардан 70 тен зыят жазба, аўызеки мүрәжат қабыл етилип, олардың дерлик көпшилиги өзиниң унамлы шешимин тапты.

Мәжилисте әмелге асырылған усындай жумыслар менен бир қатарда шешимин күтип турған машқалалалар да атап өтилди. Сондай-ақ, быйылғы  жылға Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеўде партия фракциясы  ҳәм депутатлық топарлары алдында турған әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.