Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 26-февраль күни ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў ҳәм оларды социаллық қоллап-қуўатлаў мәселелерин додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәмлекетимиз халқының дерлик ярымы ­ 17 миллионы ҳаял-қызлар. Олардың мәплерин тәмийинлеў, жәмийетлик турмыстағы орнын беккемлеў ­ елимиздиң социаллық сиясатының әҳмийетли бағдары.

Кейинги төрт жылда бул бағдарда 2 нызам, Президенттиң 6 пәрман ҳәм қарары қабыл етилди. Биринши мәрте Сенатта ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлиги мәселелери бойынша комитет дүзилди.

Бүгинги күнде 1 мың 400 ге шамалас ҳаяллар республика ҳәм ўәлаятлар, 43 мыңнан зыяты район ҳәм қалалар дәрежесиндеги басшылық лаўазымларында ислеп келмекте.

Қызлардың сапалы билим алыўы, кәсип ийелеп, жумыслы болыўы ушын үлкен имканиятлар жаратылған. Студентлердиң 48 процентин ҳаял-қызлар қурамақта. Өткен жылы жолға қойылған системаға муўапық, 950 социаллық қорғаўға мүтәж қыз жоқары билимлендириў мәкемелерине мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилди.

Ҳаяллардың исбилерменлиги, басламалары қоллап-қуўатланып атыр. Өткен жылы 585 мыңға шамалас ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленген, 36 мыңнан аслам ҳаяллар кәсип-өнерге оқытылған.

Ҳаял-қызлар машқалаларын үйрениў ҳәм мәнзилли шешиў мақсетинде «Ҳаяллар дәптери» енгизилди. Бул дәптерге, 9 критерия тийкарында 433 мың ҳаял-қыз киргизилип, электрон база қәлиплестирилди. Бүгинги күнге шекем олардың 80 мыңының машқалалары шешилген.

Мәжилисте ҳаялларды жумыс пенен тәмийинлеў, социаллық қоллап-қуўатлаў, оларға медициналық ҳәм психологиялық жәрдем көлемин кеңейтиў, шаңарақлық ажырасыўлардың алдын алыў илажлары додаланды.

­ Ең аўыр, қыйын мәселелеримиз ҳаяллар бойынша. Халқымыздың талабы өсип бармақта. Биз бул талапларға мүнәсип шараят жаратып бериўимиз керек. Буны терең сезинбеген адам басшы болып ислей алмайды, ­ деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы Олий Мажлиске Мүрәжатында Республика ҳаял-қызлар жәмийетлик кеңесин дүзиў усынысын билдирген еди.

Усы күнлерде Сенат баслығы Танзила Нарбаеваның басшылығында усы кеңес дүзилди. Енди бул жәмийетлик кеңес ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў, билим ҳәм кәсиплик көнликпелерди ийелеп, мүнәсип жумыс табыўына көмеклесиў, саламатлығын сақлаў, турақ жай мәселелерин шешиў бағдарында системалы жумыс алып барыў зәрүрлиги атап өтилди.

Ҳәкимлер ҳәм сектор басшыларына «ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў, тигиўшилик, өнерментшилик, жумысты үйге алып ислеў, қусшылық ҳәм егислик майданларынан жер ажыратыў арқалы олардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берилди.

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Саўда-санаат палатасына исбилермен болыў тилегин билдирген «Ҳаяллар дәптери»ндеги 70 мыңға шамалас ҳаял-қызларды бизнес ҳәм мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплерге оқытыў ўазыйпасы тапсырылды.

Елимиз басшысы бул бағдарда мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳаял-қызларға ең жақын көмекши болып киятырғанын, бундай мәкемелерге орын ажыратып, грантлар бериў кереклигин атап өтти.

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги қарамағына өтип атырған ҳәр бир райондағы колледжлердиң бос турған бөлимин оқыў ханасы ҳәм өндирис цехын шөлкемлестириў ушын исбилерменлерге 30 жылға шекемги мүддетке жеңилликли ижараға бериў ўазыйпасы қойылды. Буған Бәнтлик қорынан 70 миллиард сум ажыратылыўы белгиленди.

Сондай-ақ, 70 мыңға шамалас ҳаял-қызларды исбилерменликке тартыў ушын Халқ банки арқалы 2 триллион сум кредитлер жумсалады.

­Жоқары мағлыўматлы болыўды қәлеген, қәбилети, билими бар, лекин, тәғдир қыйыншылықлары менен әрманына ерисе алмаған ҳаял-қызларды хошаметлеў системасы енгизиледи. Яғный, ата-анасының биринен айырылған мүтәж қызлар, бағыўшысы жоқ жалғыз ҳаяллардың шәртнама төлеми ҳәкимлик ҳәм жоқары оқыў орны есабынан қаплап бериледи. Бул жаңа система. Бурын бундай ете алмас едик. Енди имканият бар, ­ деди Президент.

Мәжилисте ҳаяллардың саламатлығын сақлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Орынларда, әсиресе, шетки аймақларда медициналық хызметлер сапасы талап дәрежесинде емеслиги көрсетип өтилди.

Мысал ушын, Сурхандәрья ўәлаятының Алтынсай районында туўыў жасындағы ҳаяллардың 30 процентинде кемқанлық анықланған. Буннан тысқары, ҳаял-қызлар арасында дем алыў, ас сиңириў ағзалары, жүрек-қан тамыр системасы кеселликлери де көп.

Усы сыяқлы, медициналық жәрдемге мүтәжлиги анықланған 44 мың ҳаял-қызларды айрықша қадағалаўға алып, медицина бригадаларына бириктириў, тар шеңбердеги шыпакерлерди тартқан ҳалда, оларды емлеў бойынша тапсырмалар берилди.

Быйылғы жылдың ақырына шекем дерлик 9 миллион ҳаялды тереңлестирилген медициналық тексериўден, атап айтқанда, рак скринингинен өткериў ўазыйпасы қойылды. Онкологиялық кеселликлерди профилактикалаў мақсетинде 323 мың қызлар адам папилломасы вирусына қарсы шаншылатуғыны айтылды.

Мүтәж ҳаяллардың емлениўи ушын ҳәр жылы ҳаял-қызлар қорына қосымша 40-50 миллиард сум ажыратылыўы белгиленди.

Ҳаял-қызлар арасында саламат турмыс тәризин кеңейтиў, денетәрбия ҳәм аяқ ойын дөгереклерин көбейтиў зәрүрлиги атап өтилди. Ҳаяллардың елимиз бойлап саяхатларын, санаторийларда емлениўин шөлкемлестириў бойынша көрсетпе берилди.

Жалғыз ҳаяллардың перзентлерин мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине қабыл етиў ҳәм төлемлерин қаплаў бойынша да жеңилликлер берилетуғын болды.

Машқалалар додаланар екен, турақ жай мәселеси, әлбетте, ортаға шығады. Себеби, шаңарақлық ажырасыўлар, жумыссызлық, жетиспеўшилик ақыбетинде жайға мүтәж болып жасап атырған ҳаяллар еле де көп. Елимиз басшысы буны терең сезеди ҳәм бәрқулла оларға мүнәсип шараят жаратыўды нәзерде тутады. Соңғы жылларда мыңлаған мүтәж ҳаялларға жаңа турақ жайлар тапсырылды. қала берсе, кем тәмийинленген ҳаял-қызлардың жай алыўы ушын басланғыш төлем пулын төлеп бериў системасы енгизилген.

Бул қаржылар турақ жайдың басланғыш төлемин төлеп бериўге жумсалады. Сондай-ақ, ҳаял-қызларға турақ жай ижарасы компенсациясы ушын 11 миллиард сум ажыратылады.

Видеоселектор мәжилисинде усы әҳмийетли мәселе бойынша қосымша илажлар белгиленди. Ўақытша турақ емес жайларда жасап атырған ҳаялларды жай менен тәмийинлеў ушын ҳәр бир аймаққа 10 миллиард сумнан, әкесинен айырылған мүтәж қызлардың мәпи ушын 5 миллиард сумнан қаржы ажыратылатуғыны айтылды.

Бул қаржылар турақ жайдың басланғыш төлемин төлеп бериўге жумсалады. Сондай-ақ, ҳаял-қызларға турақ жай ижарасы компенсациясы ушын 11 миллиард сум ажыратылады.

Ҳаялларға, соның ишинде, басымға ушырағанларға қәнигели психологиялық ҳәм ҳуқықый жәрдем көрсетиў системасын жетилистириў зәрүрлиги атап өтилди.

Ҳаял-қызлардың мәмлекет ҳәм жәмийет алдындағы пидәкерли хызметлери, өз тараўларында ерискен табысларын хошаметлеў ушын өз алдына мәмлекетлик сыйлықты шөлкемлестириў усынысы алға қойылды.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша тийисли басшылар ҳәм ҳаял-қызлар өз пикир-усынысларын билдирди.

 

ӨзА