26-февраль күни Қарақалпақстан Республикасынан 138 пуқара «Даўыт ата» шегара посты арқалы ири қурылыс объектлеринде белгиленген эпидемиологиялық талапларға әмел еткен ҳалда жумыс ислеў ушын Қазақстан Республикасының Ақтаў қаласына шөлкемлескен тәризде жөнеп кетти. Бул ҳаққында Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги хабар берди.

 

Еслетип өтемиз, агентлик тәрепинен усы жылдың 22-февраль күни Қарақалпақстан Республикасынан 253 пуқара ири қурылыс объектлеринде жумыс ислеў ушын Ақтаў қаласына жиберилген еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.