Елимизге бәҳәр мәўсиминиң кирип келиўи менен шығыс ҳаял-қызларының ақыл-ойын, гөззалығын өз қәлеми арқалы дүньяға танытқан, инсаныйлық, меҳир-муҳаббат, Ўатан туйғысын жырлаған сүйикли шайырымыз, журналист, мәмлекетлик ғайраткер, Өзбекстан халық шайыры Зульфия Исроилованың туўылған күни кеңнен белгиленеди.

Усы жыл 26-февраль күни Қарақалпақстан тарийхы ҳәм мәденияты  мәмлекетлик музейинде  шайыр Зульфияның  туўылғанына  106 жыл толыў мүнәсибети менен  «Елимиздиң зиялы ҳаял-қызлары» атамасында ушырасыў кешеси өткерилди.

Оған жоқары оқыў орынларының студент-жаслары менен олардың устазлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Онда Қарақалпақстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери, «Дўстлик» ордени ийеси Г.Дәўлетова, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси И.Сейтназарова, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары Н.Ибрагимова ҳәм Н.Шарипбаевалар шығып сөйлеп, шайырдың дөретиўшилик жолы, оның өзбек әдебиятында тутқан орны, шайыр жазып қалдырған қосықлардың әҳмийетине кең түрде тоқтап өтти.

– Елимизде  шайырдың мәдениятымыз раўажланыўындағы үлкен хызметлери итибарға алынып,  жәмийетлик жумысларда белсене қатнасып киятырған талантлы қызларымызға әдебият, мәденият, спорт илим ҳәм билимлендириў тараӯлары бойынша Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық енгизилди. Бул шайырға болған үлкен итибар ҳәм ҳүрмет, – дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси И.Сейтназарова. Университетимизде бир қанша қызларымыз усы сыйлықты алыўға миясар болды. Бүгинги күнде олар ҳәр түрли тараўларда жемисли мийнет етпекте.

Кеше қатнасыўшыларына Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектеби фольклор бөлиминиң оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Илаж қатнасыўшылары музей экспонатларын тамашалады.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы