Қарақалпақша жыл есабы бойынша «Үш ай тоқсан» 13-декабрьден 13-март аралығында болады. Бул мәўсимде суўық басланып, дәрьяларымызда муз қатып, барыс-келис қыйынласқан.

 

Жыл есабымыз бойынша 21-мартта, яғный Наўрыз байрамына араласып жаңа жыл кирип келеди. Бул қыс мәўсими толық тамамланғанын ҳәм жаңа жыл, бәҳәр мәўсиминиң басланғанын билдиреди.

 

«Аямәўиз» – 13-19-март күнлери болып, бул күнлери ҳаўаның температурасы әдеўир суўытып, адамлар бәҳәрдиң жыллы күнлерине жаңа-жаңа үйренисип киятырғанда бираз қолайсызлықлар пайда етеди. Бул күнлерде көбинесе қара суўық болыўы, я жаўын-шашынлы болыўы мүмкин. «Аямәўиз алты күн, алты ай қыстан қатты күн» деген гәп бийкарға айтылмаған.

 

«Наўрыздың ақша қары» – 19-22-март күнлери күтиледи. Бул күнлери гейде майда қар ушқынлап, гейде излик қар таслап, изинен бир-еки күн суўық болып өтеди, бирақ күн тез жылып кетеди.

 

«Жүз» – бизиң ықлымымыздың жағдайына бола дийқанларымыздың есабы бойынша 24-апрельден баслап «Жүз» келеди. Бул Қарақалпақстанда әйне дийқаншылық жумысларының қызатуғын ўақты. 5-августта «Жүз» шығады.

 

«Үш тоғыс» – 18-22-апрель күнлери болып, күнниң орташа ҳаўа температурасы төменлейди. Жаўын-шашын болыў итималы көбирек болады.

 

«Бир тоғыс» – 1-2-май күнлери болып, ол көп жағдайларда 5-майға дейин созылады. Бул күнлери самал есип, гейде өткинши, гейде күшли жаўын болатуғыны бақланып келинген.

 

«Үркердиң батыўы» – 12-15- май күнлери. Бул астрономиялық бақлаўлар болып, ол Үркер шоқ жулдызының батыўы есапланады. Негизинде Үркер шоқ жулдызы батпайды, бирақ оның өз көшери дөгерегинде айланыўындағы өзгешелиги бойынша жаз айларында белгили дәўирге шекем аспан әлеминде көзге түспейди. Халқымызда «Үркер қумға түссе алдағы жаз мәўсими шаң-тозаңлы, суўға түссе жаўын-шашынлы болады» деп тәрипленеди.

 

«Шилле» – 22-июньде басланып, жаздың ең узақ күни болып, ол 40 күн даўам етеди. Бул дәўир усы мәўсимниң ең ыссы болатуғын ўақытлары есапланады.

 

«Сүмбиле» – 10-12-август. Усы күнлерде ҳаўаның ыссылығы пәсейип, жаплар менен көллердеги суўлар тәўир-ақ суўыйды. Бул қубылысты ата-бабаларымыз өзлериниң есабы бойынша «Сүмбиле түссе суў суўыйды» деп белгилеп өткен.

 

«Бесқонақ» – көбинесе 17-22-сентябрь аралығында өтеди. Айырым жыллары «Бесқонақ»та бир неше күн суўық болып, қыраў түсиўи ямаса күн суўық болып, топырақтың үстиңги қатламы тоңлаўы мүмкин.

 

«Ақырап» – 2-5-октябрь күнлери болып, көп жағдайларда ҳаўа райы суўытып, түнде ҳаўа температурасы  -5…-7 градусқа шекем төменлеўи көп бақланған. Деген менен, гейбир жыллары «Ақырап»та суўық түспей өтеди. Сол себепли, ата-бабалардан кеш егинлерди «Ақырапта урмаса, ақыретте де урмайды» деген гәп қалған.

 

Жоқарыда биз халқымыздың бай тәжирийбесинен келип шығып ҳаўа райы ҳаққында мағлыўматларды келтирип өттик. Бирақ, соны да есапқа алыўымыз керек, Қарақалпақстан үлкеси өзиниң ҳаўа райының өзгешелиги бойынша өзгермели климатлы үлкелер қатарына киреди. Себеби, көрип жүргенимиздей, ҳәтте жаз айларында да бир күнниң өзинде ҳаўа райы гә даўыллы ямаса қатты ыссы ҳәм азырақтан кейин тып-тыныш болып өзиниң нормаль жағдайына қайтады. Сонлықтан, айтып өтилген жыл мәўсимлериниң салқын, жаўын-шашынлы ямаса жағымсыз самаллы болып келетуғын күнлери әдеттегиден 3-4 күн, гейде 4-5 күн ертелетип ямаса кешлетип келиўи итималдан қашық емес.

 

Усыларға қосымша халқымызда ҳаўа райына байланыслы оғада көп жеке тәжирийбелер бар. Мысалы, «Булт қызарса күн жаўмайды», «Ҳәзирети Әлийдиң қылышы» (Радуга) көринсе булт тарқап, күн ашылады, «Айдың бети булт басқандай болып дөңгеленип турса ертеңги күн ыссы болады», «Шымалай (майда қумырсқа) көп болған жыл жаўын-шашынлы болады», «Ғарғалар төменлеп ушса суўық, бәлент ушса ыссы болады» дегенге усаған көплеген бақлаўларды келеси әўладқа қалдырған.

 

Мағлыўмат Телеграмдағы @sizler_ushin каналынан алынды.