Усы жылдың 25-февраль күни социаллық тармақларда Әмиўдәрья районында жайласқан Жумыртаў понтон көпирин муз бөлеклери бузып кеткенлиги ҳаққында видео тарқалған еди.

 

ҚР Транспорт министрлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, бул жағдай тийисли тараў қәнигелери тәрепинен үйренип шығылды.

 

Ҳаўа температурасының кескин төменлеп кетиўи нәтийжесинде Жумыртаў понтон көпири арқалы ҳәрекетлениў ўақытша тоқтатылғанлығы анықланды.

Мәлим болыўынша, сол күнниң өзинде қалың муз бөлеклери ағызып кеткен еки баржа (понтон бөлеклери) саат 13:00 де өз орнына алып келинип, машқала толық сапластырылған.

 

Ҳәзирги ўақытта ҳаўа райының өзгериўине байланыслы Қарақалпақстан Республикасы аймағында жайласқан Қыпшақ, Жумыртаў ҳәм Төрткүл понтон көпирлери арқалы ҳәрекетлениў ўақытша тоқтатылатуғынлығын мәлим етип билдиремиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.