Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген денетәрбиясы ҳәм спорт хызметкери», «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери», волейбол бойынша халықаралық категорияға ийе төреши, университеттиң спорт клубы баслығының орынбасары, доцент Юрий Иванович Кулаковтың 85 жыллық юбилейине бағышланған руўхый-ағартыўшылық илаж өткерилди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң, билимлендириў мәкемелериниң басшылары, кең жәмийетшилик ўәкиллери, Ю.Кулаковтың өмирлик жолдасы, кәсиплеслери, шәкиртлери, заманласлары ҳәм туўған-туўысқанлары қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов шығып сөйлеп, Юрий Иванович Кулаковтың Қарақалпақстанда спорт тараўының раўажланыўына қосқан үлесин, жасларға үлги болатуғын инсаныйлық пазыйлетлерин, жасларды саламат әўлад етип жетистириўдеги пидайы мийнетлерин айрықша атап өтип, юбилей жасы менен қызғын қутлықлады.

Соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қутлықлаўы оқып еситтирилип, Ю.Кулаковқа Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен «Ардақлы нураний» көкирек белгиси ҳәм естелик  саўғалары тапсырылды.

Илажда университеттиң Ветеранлар Кеңесиниң баслығы, профессор Б.Әбдикамалов, Қарақалпақстан Республикасы денетәрбиясы ҳәм спорт министри F.Байниязов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажилиси Сенаты ағзасы Б.Мәтмуратов, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры Б.Утемуратов, Спортшы ветеранлар атынан, екинши дәрежели «Соғлом авлод учун» ордени ийеси, спорт устасы С.Абдиғапбаров, «Биология ҳәм физология» кафедрасының баслығы, профессор А.Матчанов, «Ярымөткизгишлер физикасы» кафедрасының баслығы, профессор Қ.Исмайлов,  «Дене мәденияты ҳәм теориясы» кафедрасының доценти А.Казаков ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Ю.Кулаковтың өмири ҳәм мийнет жолы, спорт тараўын раўажландырыўдағы пидайы мийнетлери  туўралы кең түрде сөз етти.

Атап өтилгениндей, Ю.Кулаков 1936-жылы 25-февральда Түркменстанның Қызыл-Арват қаласында туўылды. 1955-жылы Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық институтының денетәрбиясы факультетине қабылланып, оны табыслы тамамлағаннан соң 1959-жылы өз қәлеўи менен Нөкис қаласына келип Қарақалпақ мәмлекетлик педегогикалық институтына жумысқа киреди.

Ю.Кулаков спортшы сыпатында республикалық сайланды командаларда Қарақалпақстан ушын спорттың футбол, баскетбол түрлери бойынша ойынларда қатнасып, жақсы нәтийжелерге ерисип келди. 1964-жылы Нөкистиң «Буревестник» командасы қурамында Өзбекстан бойынша баскетбол спорт түринен барлық жоқарғы оқыў орынлары арасында чемпионлықты қолға киргизди.

Ю.Кулаков өзиниң мийнет жолын тренерлик тараўы менен де тығыз байланыстырады. 1959-жылдан 1966-жылға шекем денетәрбиясы факультетинде аға оқытыўшы болып жумыс ислейди. Ю.Кулаков көплеген лаўазымларда иследи. Атап айтқанда, 15 жыл даўамында факультет деканы, 15 жыл даўамында кафедра баслығы, үш жыл ҚМУдың бирлескен кәсиплик аўқамының жетекшиси болды. Соң партия комитети хаткери, руўхый ҳәм тәрбиялық ислери бойынша проректор лаўазымларында иследи…

Ол Қарақалақстан Республикасы Волейбол федерациясын 50 жыл, Қарақалпақстан футбол ветеранлары Аўқамын 6 жылдан аслам ўақыт даўамында басқарып, ярым әсирлик өмирин жәмийетлик жумысларға бағышлады.

Жоқарыдағы мийнетлери есапқа алынып, Ю.Кулаковқа 1969–жылы «Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен мәденият ғайраткери» 1976-жылы «Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген денетәрбиясы ҳәм спорт хызметкери» атағы берилди.

Ю.Кулаков бүгинги күнге шекем университеттиң Спорт клубы баслығының орынбасары лаўазымында жумыс ислеп, жасларға өзиниң баҳалы тәжирийбелерин бөлисип, үйретип келмекте.

Илаж юбилейге бағышланған кеше менен даўам етти.

Әдилбай Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.