«Ҳәким ата» аўыл пуқаралар жыйыны Мойнақ районы орайынан 85 километр узақта жайласқан. Бул аймақтағы «Әлий аўыл», «Дослық», «Үш өзек» ҳәм «Қызылжар» аўылларында 709 шаңарақта 4510 адам жасайды.

Районның барлық жерлери сыяқлы бул аўыл пуқаралар жыйыны аймағында да «Абат мәҳәлле» бағдарламасы шеңберинде кең көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары басланыў алдында. Қәнигелердиң атап өткениндей, жолларға тас төсеў, трансформаторларды жаңадан орнатыў, сым ағашларын бетон столбаларға алмастырыў, жылытыў системаларын оңлаў ҳәм басқа да жумыслар ғалаба қолға алынбақта. Әлбетте, бул жумыслар аўыл турғынларын үлкен қуўанышқа бөлемекте.

Бирақ, аймақ халқын көп ўақыттан берли қыйнап киятырған машқалалардың бири бул ишимлик суўы болып табылады. Халық усы күнге шекем дәрьядан, ишимлик ушын жарамсыз болған суўдан пайдаланып келди. Дурыс, ўақтында бул машқаланы шешиў бойынша илажлар көрилди. Аўылға бир нешше жерден баспа кран қурып берилли. Деген менен, олардың биразларының суўы ишиўге жарамсыз шыққан болса, айырымлары истен шыққан. Жақын күнге шекем аўыл турғынлары Қоңырат районынан алып келинетуғын тасымалы ишимлик суўынан пайдаланып келди.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасы, Өзбекстан ҳүкимети тәрепинен Канаданың жергиликли басламаларды қоллап-қуўатлаў жойбарының қаржыландырылыўында әмелге асырылып атырған «Өзбекстанның қурғақшылық районларындағы фермер ҳәм дийқан хожалықларында климат турақлылығын тәмийинлеў» жойбары  бул машқаланы шешиўде аймақ турғынларына әдеўир жәрдем болды. Аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 17-санлы улыўма билим бериў мектебине саатына 500 литр таза ишимлик суўын ислеп шығаратуғын үскене қойып берилди. Буның ушын мектеп жанына қуяш электр станциясы жәрдеминде ислейтуғын насос орнатылды. Бүгинги күни бул жерде шығарылып атырған таза ишимлик суўынан тек ғана мектеп жәмәәти емес, ал, аўыл турғынлары пайдаланыў имканиятын ийе болды.

-Суўды тазалаўшы үскенениң орнатылыўы халқымыз ушын әжайып саўға болды,-дейди нураний устаз Баҳадыр Дошмуратов.-Усы күнге шекем аўылласларымыз мүтәжликтен талапқа жуўап бермейтуғын ишимлик суўынан пайдаланып келди. Нәтийжеде, бул халықтың, әсиресе балалар арасында түрли кеселликлерди келтирип шығарды. БМШтың Раўажландырыў Бағдарламасының жойбары тийкарында суўды душшыландырыўшы үскененениң қурып бергенлиги бул машқаланы шешиўге унамлы тәсирин тийгизди. Буның ушын аўыл турғынлары атынан миннетдаршылық билдиремиз.

Пүткил дүньяны ләрзеге салған коронавирус пандемиясы дәўиринде ҳәр бир кәрхана, мәкеме, шөлкемлердиң, оқыў орынларының имаратларын дезинфекциялап барыў айрықша әҳмийетке ийе болы. Жойбар щеңберинде бул жерге  тазалаў процесинде қалған дузлы суўды гипохлорид натрий дизинфекциялаўшы суйықлығына айландырыўшы үскене де қурып берилди. Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасы тәрепинен Канаданың жергиликли басламаларды қоллап-қуўатлаў жойбарының қаржыландырылыўында әмелге асырылып атырған және бир «Өзбекстанның Сырдәья ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстан Республикасы регионларында халықтың жәрдемге мүтәж қатламының социаллық-экономикалық ақыбетлерин жумсартыў жолы менен COVID-19 ға жуўап қайтарыўды қоллап-қуўатлаў» жойбары тийкарында қурылған бул үскенеден алынған гипохлорид натрий дизинфекциялаўшы суйықлығынан имаратларды тазалаў барысында пайдаланылса, ҳәр қандай инфекцияның алдын алынады. Ҳәзирги ўақытта бул үскене суткасына 600 литр усындай суйықлық ислеп шығармақта.

Усындай үскенелер «Мойнақ» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 1-санлы улыўма билим бериў мектеби имаратына да қурып берилди.

-Рус ҳәм қазақ тилин оқытыўға қәнигелестирилген билимлендириў мәкемемизде 700 ден аслам оқыўшы билим алмақта,-дейди мектеп директоры Саламат Нуржанов.-Бул еки үскене де айрықша әҳмийетке ийе. Себеби, жәмәәтимизди бүгинги күнниң баслы машқаласы болған ишимлик суўы менен тәмийинлесе, екиншиден үскенеден шығарылып атырған гипохлорид натрий дизинфекциялаўшы суйықлығы ҳәзирги пандемия шашарятында муғаллимлер менен оқыўшыларды ҳәр қандай инфекциялардан зыянсызландырыўда қолланылады. Бундай қайырқомлық жәрдеми ушын жәмәәтимиз ҳәм ата-аналар атынан Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў бағдарламасына шексиз миннетдаршылық билдиремиз.

Соның менен бирге, жоқарыда атап өтилген жойбар шеңберинде республикамыздағы қурғақшылыққа ең көп дуўшар болатуғын аймақларда климат өзгерисине шыдамлы дийқаншылық ҳәм шарўашылық хожалықларын жаратыў жумыслары алып барылды. Атап айқанда, жойбардың жәрдеми менен республикамызда 10, соның ишинде, Мойнақ районында бир жайлаў кооперативи шөлкемлестирилди. Оларға заманагөй техникалар, жер тегислегиш, суў насослары, от-шөп жыйнаўшы ҳәм басқа да үскенелер берилди. Бул илажлар шетки аўылларымыз халқының турмыслық машқалаларын шешиў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, усылар арқалы олардың турмыс шараятының жақсыланыўына хызмет етпекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.