Социаллық тармақларда Ташкент қаласына барып қәрежетсиз, көшеде баспанасыз қалған «Кегейли районы, Халқабад совхоз» деген жазыўы бар пуқара ҳаққында материаллар тарқалды.

 

Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети бул бойынша тийисли үйрениў жумысларын алып барды ҳәм бул пуқараның Ерназаров Тағантурды Мамбетназарович екенлигин анықлады.

 

«Ҳәзирги ўақытта Т.Ерназаров Кегейли районы «Қуяшлы» МПЖ С.Сапаров көшесинде есапта турады, бирақ көрсетилген мәнзилде жасамайды. Оған 2020-жыл даўамында мәмлекет ҳәм қәўендер шөлкемлер тәрепинен бир неше мәрте материаллық жәрдем, пуқаралық паспортын алыўда, сондай-ақ, напақаға (пенсия) шығыўда әмелий жәрдем қөрсетилгенлиги мәлим болды. Т.Ерназаров таныслары жумысқа шақырғанлығы себепли Ташкент қаласына кеткен. Районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў, Ишки ислер бөлимлери биргеликте пуқара Т.Ерназаров пенен телефон арқалы байланысқанда оның жағдайының жақсы ҳәм социаллық тармақларда тарқалған мағлыўматлар жалған екенлигин, аўылға қайтыўға қәлеўи жоқлығын айтып өткенлигин мәлим етип билдиремиз», – деп жазбақта район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.