Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң  гезектеги V пленумы болып өтти.

Оған Өзбекстан Республикасы  Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, қалалық ҳәм районлық партия шөлкемлериниң басшылары, Халық депутатлары жергиликли Кеңеслердеги партия топарлары ағзалары менен белсендилери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

 

 

Мәжилисте Президентимиздиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатынан келип шығатуғын партия алдында турған тийкарғы ҳәм әҳмийетли ўазыйпалар, партияның 2020-жылда әмелге асырған  жумыслары ҳәм 2021-жылға мөлшерленген тийкарғы ўазыйпалары көрип шығылды.

 

 

– Бүгинги пленум мәжилисинде партияның сайлаўалды Платформасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы, партияның дәстүрий мақсет ҳәм ўазыйпаларын орынлаў, электорат мәплерин қорғаў сыяқлы мәселелер де қаралмақта, – дейди Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Руслан Жумамуратов. Бүгинги күнге партияның республикамыздағы  басланғыш партия шөлкемлериниң саны 622 ге,  партияға ағзаларының саны болса 22 500 ке көбейген. Есап бериў дәўиринде  электорат мәплерин қорғаў мақсетинде Жоқарғы Кеңестеги партия фракциясы  ҳәм халық депутаталары жергиликли Кеңеслердеги партияның депутатлық топары ағзалары тәрепинен жәми 611 депутатлық сораў әмелге асырылып, 50 лаўазымлы шахслардың есабатлары тыңланған.

 

 

Жумысларды жеделлестириў партияның тийкарғы ўазыйпасына айланған.

Пленумда көрилген мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы