USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сəршемби, 24 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫНА МӨЛШЕРЛЕНГЕН ЖЕРЛЕРДЕН ПАЙДАЛАНЫЎ ҲӘМ ҚОРҒАЎ СИСТЕМАСЫН ЖЕТИЛИСТИРИЎГЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Аўыл хожалығы жерлери менен байланыслы мүнәсибетлердиң турақлылығын тәмийинлеў, мәмлекетлик мониторинг, аўыл хожалығы жерлеринен пайдаланыў ҳәм оны қорғаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм тараўға мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў мақсетинде:

1.Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 7-сентябрьдеги «Жер есабы ҳәм мәмлекетлик кадастрларды жүргизиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6061-санлы қарарына тийкарланып:

а) Аўыл хожалығы министрлиги аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден пайдаланыўды жетилистириў ҳәм қорғаў тараўында нәтийжели мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыўда:

аўыл хожалығы жерлери ҳәм егинлерин мониторинг етиў;

аўыл хожалығы егинлерин жайластырыў;

аўыл хожалығы жерлериниң қорғалыўын тәмийинлеў;

аўыл хожалығы жерлериниң нормативлик баҳасын ҳәм сапа көрсеткишлерин анықлаў;

топырақ бонитировкасын өткериў, топырақ өнимдарлығын арттырыў, топырақтаныў, геоботаникаға байланыслы изертлеўлерди әмелге асырыў бойынша жумысларын шөлкемлестиретуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

б) Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлиги (кейинги орынларда – Кадастр агентлиги) жер участкаларына болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм мәмлекетлик кадастрларды жүргизиў тараўында:

жер категориясына қарамастан барлық түрдеги нызамсыз жер участкалары және объект-имаратларға болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткермеў жағдайларын анықлайды;

жер участкаларының өзбасымшалық пенен ийелеп алыныўы ҳәм усы жер участкаларында өз билдигинше имарат қурылыўын анықлайды;

жер участкасы шегараларын өз билдигинше өзгертиўге жол қоймаў илажларын көреди;

мәмлекетлик кадастрларды жүргизиў тәртибине әмел етилиўиниң қадағаланыўын тәмийинлейди.

2.Өзбекстан Республикасы аймақларында аўыл хожалығы жерлерин қорғаўда мәмлекетлик қадағалаўды және де беккемлеў мақсетинде Аўыл хожалығы министрлиги структурасында:

а) мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министриниң аграр тараўды санластырыў мәселелери бойынша орынбасары ҳәм оған бойсыныўшы орайлық аппараттағы 16 штат бирликлерин қысқартыў есабынан:

аграр тараўды жедел санластырыў, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тараўларына заманагөй мәлимлеме системаларын ҳәм программалық өнимлерди енгизиў мәселелерине жуўапкер болған министрдиң орынбасары лаўазымы киргизилсин;

Аграр тараўда санлы технологияларды раўажландырыў басқармасы ҳәм  Геомәлимлеме технологияларын раўажландырыў басқармасы шөлкемлестирилсин;

Онда, Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы «Агросанаатты санластырыў орайы» мәмлекетлик мәкемесиның жумысын муўапықластырыў аграр тараўды жедел санластырыў, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тараўларына заманагөй мәлимлеме системаларын ҳәм программалық өнимлерди енгизиў мәселелерине жуўапкер болған министрдиң орынбасарына жүкленсин;

б) 2021-жыл 1-марттан Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден пайдаланыўды қадағалаўға байланыслы 110 штат бирликлерин қысқартыў есабынан министрликке тиккелей бойсыныўшы Аўыл хожалығы жерлерин қорғаў бойынша мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлери шөлкемлестирилсин;

в) нызамшылықта белгиленген тәртипте аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерде жер дүзиў, жер мониторинги, егинлерди жайласытырыў ҳәм егилиўин мониторинг етиў илажларын әмелге асырыў мақсетинде Аўыл хожалығын раўажландырыў ҳәм азық-аўқат тәмийнаты қорының қаржылары, бюджеттен тысқары қаржылар, халықаралық финанс институтларының қаржылары ҳәм сырт ел шөлкемлериниң грантлары есабынан қосымша штат бирликлери киргизилсин;

г) министрлик жанындағы «Мониторинг хызмети» мәмлекетлик мәкемеси ҳәм министрликтиң орайлық аппаратындағы Ишки қадағалаў хызмети тийкарында 8 штат бирлигинен ибарат Ишки аудит ҳәм комплаенс-қадағалаў басқармасы шөлкемлестирилсин.

3.Кадастр агентлигиниң «Уздаверлойиҳа» мәмлекетлик илимий-жойбарлаў институты (кейинги орынларда – Институт) ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң штат бирликлери және материаллық-техникалық базасы, Институттың аймақлық бөлимлери балансында турған объект-имаратлар 2021-жыл 1-марттан баслап Аўыл хожалығы министрлиги системасына өткерилсин.

Онда, 2023-жыл 1-январьға шекем:

Институт Ташкент қаласы, Чиланзар районы, Шопаната көшеси, «Ц» массивинде жайласқан Кадастр агентлиги имаратының бир бөлегинен;

Кадастр агентлигиниң аймақлық басқармалары ҳәм шөлкемлери Институттың аймақлық бөлимлерине қараслы имаратлардың бир бөлегинен бийпул пайдаланады.

4.Төмендегилер:

Аўыл хожалығы министрлигиниң шөлкемлестириў структурасы 1-қосымшаға муўапық;

басқарыў хызметкерлериниң улыўма шекленген саны 201 ден ибарат Аўыл хожалығы министрлиги орайлық аппаратының структурасы 2-қосымшаға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң структурасы, ўәлаятлар аўыл хожалығы басқармаларының үлги структурасы 3- ҳәм 4-қосымшаларға муўапық;

Аўыл хожалығы министрлигиниң аймақлық бөлимлери хызметкерлериниң шекленген саны 5-қосымшаға муўапық;

районлар (Қувасай қаласы)  Аўыл хожалығы бөлимлериниң үлги структурасы ҳәм басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 6-6а-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.

5.Төмендегилер Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығын раўажландырыў ҳәм азық-аўқат тәмийнаты қорының қаржыларын қәлиплестириўдиң қосымша дәреклери етип белгиленсин:

Аўыл хожалығы министрлигиниң аўыл хожалығы жерлерин қорғаў бойынша мәмлекетлик қадағалаўшылар тәрепинен көрилген ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы жумысларға  тийкарланып өндирилетуғын қорлардың 50 проценти;

өз басымшалық пенен жерлердиң аўыл хожалығы айланысынан шығыўына себеп болған жағдайларда келтирилген зыян бойынша есапланған қаржылардың 5 проценти.

6.Аўыл хожалығы министрлигине төмендеги ҳуқықлар берилсин:

нызамшылықта белгиленген ўәкилликлер шеңберинде тиккелей ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққында протоколлар рәсмийлестириў ҳәм айыпкер пуқараларды жәриймаға тартыў

исбилерменлик субъектлеринде аўыл хожалығы жерлеринен пайдаланыў ҳәм оларды қорғаўды үйрениў жумысларын, сондай-ақ, егинлерди хатлаўдан өткериў ҳәм өлшеў, олардың нормативлик баҳасын анықлаў, жерлерден мақсетли пайдаланылыўын үйрениў және геоботаникалық ҳәм топырақ-изертлеў жумысларын Тексериўлерди электрон дизимге алыўдың бирден-бир системасында дизимге алынбаған ҳалда әмелге асырыў;

аўыл хожалығына мөлшерленген жерлердиң жағдайын, аўыл хожалығы егинлери ҳәм агротехникалық илажларды ушыўшысыз ушыў аппаратлары (дронлар)нан белгиленген тәртипте пайдаланған ҳалда мониторинг етиў мақсетинде ушыўшысыз ушыў аппаратлары (дронлар)нан пайдаланыў ҳәм оларды төлемсиз ушырыўды әмелге асырыў;

аўыл хожалығы мақсетинде ушыўшысыз ушыў аппаратларын (дронлар) ислеп шығарыўшы кәрханалардан тендерсиз тиккелей сатып алыў.

7.Кадастр агентлиги системасындағы Республикалық аэрогеодезия орайының Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы аймақлараралық бөлимлери шөлкемлестирилсин.

8.Республикалық аэрогеодезия орайына жер дүзиўге байланыслы комплексли илажларды орынлаўға қаратылған жойбарлаў-излеў ҳәм изертлеў жумысларын орынлаў, жерлерди хатлаўдан өткериў, мәмлекетлик жер кадастрын жүргизиў ушын зәрүр мағлыўматларды таярлаў бойынша қосымша ўазыйпа ҳәм функциялар жүкленсин.

9.Мәмлекетлик салық комитети (Ш.Д.Кудбиев) ҳәм Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) менен биргеликте үш ай мүддетте Салық кодексине төмендегилерди нәзерде тутыўшы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин:

жер участкаларына болған ҳуқықлар Кадастр агентлигиниң Миллий географиялық мәлимлеме системасында мәмлекетлик дизимнен өткермей жерден пайджаланыўды жерден нызамсыз пайдаланыў деп есаплаў және оған жер салығы ставкасын 10 есе муғдарында қолланыў;

жер участкалары өз басымшалық пенен ийеленген ҳәм жер участкасына болған ҳуқықты тастыйықлайтуғын ҳүжжетлерде көрсетилгенинен көбирек көлемде пайдаланылғанда, сондай-ақ, жер участкасынан белгиленген мақсетлерде пайдаланбаў жағдайлары анықланған жағдайда, жер салығының белгиленген ставкаларын 20 есе муғдарында өндириў.

10.Кадастр агентлиги (Ф.К.Умаров) 2021-жыл 1-июльге шекем:

жерге байланыслы ҳуқықбузарлықларды анықлаў, ҳүжжетлер топламын қәлиплестириў ҳәм оларды көрип шығыў мониторингин жүргизиў бойынша «Е-YER NAZORAT» автоматластырылған мәлимлеме системасын (кейинги орынларда – «Е-YER NAZORAT» системасы) жаратсын;

жерге байланыслы ҳуқықбузарлықларды өз ўәкилликлери шеңберинде көрип шығыў ҳәм нәтийжелери ҳаққындағы мағлыўматларды «Е-YER NAZORAT» системасына киргизип барыў мақсетинде Аўыл хожалығы министрлиги, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги ҳәм Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросының аймақлық бөлимлери, судлар және жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының мәлимлеме системасына интеграцияласын;

«Е-YER NAZORAT» системасының нәтийжели ислеўин тәмийинлеў, жерлерди өз басымшалық пенен ийелеп алыў жағдайларын анықлаўда жәмийетлик қадағалаў, қадағалаўшы инспекторлар ҳәм жер дүзиўшилерди хошаметлеў, сондай-ақ, нызамсыз жағдайлар толық сапласытырылғанға шекем үзликсиз қадағалаў механизмлерин нәзерде тутқан ҳалда Мәмлекетлик жер ҳәм кадастр қадағалаўын әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы режениң жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

11.Мәмлекетлик салық комитети (Ш.Д.Кудбиев):

бир ай мүддетте аўыл хожалығы жерлерин толық хатлаўдан өткериў арқалы олардың электрон карталарын жаратыў бойынша Ҳүкимет қарарының жойбарын;

Әдиллик министрлиги (Р.Қ.Давлетов) менен биргеликте үш ай мүддетте Жынаят кодексине жер участкаларын, соның ишинде, қорғалатуғын зоналар, аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди өз басымшалық пенен ийелеп алыўға жол қоймаў бойынша жер ийеси, жерден пайдаланыўшы ямаса ижарашы тәрепинен илажлар көрмеў жағдайлары бойынша жынайый жуўапкершиликти күшейтиўди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

12.Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев), Кадастр агентлиги (Ф.К.Умаров) бир ай мүддетте «Ўздаверлойиҳа» мәмлекетлик илимий-жойбарлаў институты және Кадастр агентлигиниң аймақлық бөлимлериниң жумысына байланыслы аймақлық сақлаў мүддети тамамланған геодезиялық ҳәм картографиялық материалларды Мәмлекетлик картография-геодезия фондына мәмлекетлик сақлаўға тапсырыў, әмелде пайдаланыўдағы барлық ҳүжжетлердиң көширме нусқаларын тийислилиги бойынша өз-ара алмасыўын тәмийинлесин.

13.Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев):

үш ай мүддетте  аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди мониторинг етиў ҳәм қорғаўда мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы Ҳүкимет қарарының жойбарын ислеп шықсын;

«Ўздаверлойиҳа» мәмлекетлик илимий-жойбарлаў институтының жумысы нәтийжели жолға қойылыўын тәмийинлесин.

14.Төмендегилер:

а) Мәмлекетлик  салық  комитетиниң баслығы Ш.Д.Кудбиевке:

2021-жылдың ақырына шекем аўыл хожалығы жерлерин толық хатлаўдан өткерип, олардың электрон карталарын жаратыў;

«Е-YER NAZORAT» автоматластырылған мәлимлеме системасын иске қосыў және тийисли министрликлер ҳәм уйымларды усы системаға интеграциялаў;

б) аўыл хожалығы министри Ж.А.Ходжаевқа:

«Ўздаверлойиҳа» мәмлекетлик илимий-жойбарлаў институты, Аўыл хожалығы жерлерин қорғаў бойынша мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў басқармасы ҳәм аймақлық жер дүзиўшилердиң жумысын шөлкемлестириў ушын зәрүр қураллар менен тәмийинелеўге халықаралық грант қаржыларын орнатылған  тәртипте тартыў;

аўыл хожалығына  мөлшерленген жерлерден нәтийжели пайдаланыў ҳәм егинлердиң жағдайын қадағалаўды санластырыў;

аўыл хожлығы  жерлерин мониторинг етиўде заманагөй мәлимлеме-коммуникация  технологияларын енгизиў ушын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында мақсетли жойбарларды әмелге асырыў;

в)  аўыл хожалығы министриниң орынбасары М.И.Рузметовқа:

аймақларда аўыл хожалығы жерлерин ҳәм егинлерин мониторинг етиў жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў;

топырақ бониторовкасын өткериў, топырақтың өнимдарлығын арттырыў, топырақтаныў, геоботаникаға байланыслы изертлеўлерди әмелге асырыў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

15.Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына 7-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қоымшалар киргизилсин.

16.Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте усы қарардың мазмун-мәниси және масқет ҳәм ўазйпаларының ғалаба хабар қуралларында кеңнен  сәўлелендирилиўин тәмийинлесин.

17.Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                 Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 24-февраль