Усы жылдың 24-27-февраль күнлери елимизге суўық ҳаўа ағымының кирип келиўи нәтийжесинде айрым жерлерде ҳаўаның температурасы түнде 20-25 градусқа шекем суўытып, тәбийғый газге болған талаптың кескин артыўы күтилмекте.

 

Сол себепли, «Ҳудудгазтаъминот» АЖ тәбийғый газдиң биринши гезекте халық ҳәм социаллық тараў объектлерин үзликсиз тәмийинлеўге бағдарланатуғынлығын есапқа алып, барлық автотранспорт басқарыўшыларынан өз автомобильлерине газ толтырыў жумысларын таңғы саат 05:00 ден түстен кейинги саат 15:00 ге шекемги ўақыт аралығында техникалық қәўипсизлик қағыйдалары тийкарында әмелге асырыўын сорайды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.