Шоманай районында 2021-жыл даўамында жаслар менен ислесиўдиң жаңаша системасын енгизиў бойынша илажлар бағдарламасы  ҳәм 2021-жыл «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтыӊ саламатлығын беккемлеў жылы» мүнәсибети менен Шоманай районы ҳәкимлиги ҳәм Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими тәрепинен шөлкемлестирилген “Шоманай жаслары форумы” шеңберинде “Сектор басшылары ҳәм жаслар” ушырасыўы өткерилди. 

Ушырасыўда Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев, районлық Халық қабыллаўханасы, сектор, мәкеме ҳәм шөлкем басшылары белсенди жаслар қатнасты.

 

 

Онда сектор басшылары шығып сөйлеп, аймақ жасларыныӊ пикир ҳәм усынысларын тыӊлады.

Онда район жасларының усынысына бола усы жылдың өзинде район ҳәкимлиги ҳәм Жаслар ислери агентлиги тәрепинен шоманайлы халық шайыры Аяпберген Муӯсаевтың ҳүрметине бағышланған таңлаўлар,  мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерде ислеўши жас кадрларды мүнәсип хошаметлеп барыў мақсетинде “Жылдың ең белсенди жас қәнигеси” атамасындағы илажлар  өткерилетуғын болды.

“Шоманай жаслары форумы” шеңберинде өткерилген “Исбилерменлигиңди басла” көргизбесинде белсене қатнасып, жасларға жаратылып берилген имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, жеңиллетилген кредитлер есабында өз исбилерменлигин баслап атырған 9 жасқа жүк тасыўшы жеңил мотоцикльлер, 5 қызға тигиў машиналары, 2 жасқа аўылхожалығы үскенелери тапсырылды.

 

 

Буннан басқа 60 тан зыят жумыссыз жасларымыз  да жүк тасыўшы жеңил мотоцикльлер, 30 ға шамалас  ҳаял-қызлар тигиў машиналарын, нан ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыўшы үскенелерди  алыў ушын райондағы банклерге өз ҳүжжетлерин тапсырып, тез арада жеңиллетилген кредитлер есабынан өз исбилерменликлерин баслаў алдында тур.

Район ҳәкимлигиниң қоллап-қуўатлаўында жылдың ҳәр шерегинде бундай көргизбелер кең көлемде өткерилиўи белгиленип алынды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.