Бизлер ҳәр күни күнделикли турмысымызда  жәмийетлик транспортлардан яки жеке транспорт қуралларынан пайдаланамыз. Бул транспорт қуралларында жүриўде, олардан пайдаланыўда жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етиӯимиз талап етиледи.

Тилекке қарсы, жәмийетте жол транспорт ҳәрекети қағыйдаларына әмел етпеӯ, транспорт қуралларын спиртли ишимликлер ишип мәс ҳалында басқарыў жағдайлары көплеп ушыраспақта. Бул бойынша, әлбетте, жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметкерлери менен бир қатарда суд уйымлары тәрепинен де әмелий жумыслар алып барылып, пуқараларымыздын ҳуқықый сана-сезимин арттырыў, оларға жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етпеў ақыбетинде келип шығып атырған жағдайлар ҳаққында, сондай-ақ, суд тәрепинен көрип шығылған ҳәкимшилик және жынайый ислердиӊ нәтийжелери ҳаққында кеӊнен түсиниклер берилип, үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 24-июль күнги “Судлар жумысын және де жетилистириӯ ҳәм судлаӯ нәтийжелилигин арттырыӯға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы 6034-санлы Пәрманы тийкарында 2021-жыл 1-январдан баслап ҳәкимшилик ислерин көрип шығыў ӯәкиллиги жынаят ислери бойынша судларға өткерилди.

Сол тийкарда усы жылдыӊ өткен бир ярым айы даўамында жынаят ислери бойынша Елликқала район суды ис жүргизиўинде тек ғана жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдалары менен байланыслы жәми 47 ис көрип шығылып, буныӊ нәтийжесинде
18 пуқара транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырылып, нызамда белгиленген тәртипте базалық есаплаў муғдарыныӊ 25 есесинде жәрийма жазалары тайынланды ҳәм 7 пуқараға 15 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы белгиленди.

Әлбетте, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ислеген ҳәр бир шахсқа нызамда белгиленген жаза ямаса басқа да тәсир шаралары қолланылады. Бирақ, ҳуқықбузарлық ислеген  шахсларды жазалаў емес, олардыӊ  бул ҳәрекетлерин ертерек сапластырыў мақсетке муўапық болады.

Буныӊ  ушын ҳәр бир пуқара өзлерине тийисли жуӯмақ шығарып, ғалаба хабар қураллары арқалы көрсетилип атырған жол ҳәрекети қәўипсизлиги менен байланыслы ҳәр бир жағдайға итибарсызлық пенен қарамастан, заманласларымыздыӊ қәўипсизлиги ҳәм тынышлығы ушын белсене ҳәрекет етиӯи  тийис.

 

О. Мауленов,

Жынаят ислери бойынша

Елликқала районы суды баслығы.

 

 Қарақалпақстан хабар агентлиги.