Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық басқармасына GAVI (Global Alliance on Vaccination and Immunization) халықаралық шөлкеминиң «Денсаўлықты сақлаў системасын беккемлеў» бағдарламасы бойынша коронавирусқа қарсы шаншыў илажларында қолланылатуғын вакциналарды тасыў ушын 18 дана  Miniven-Labo автомашинасы жетип келди.

 

Басқарма мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, автомашиналар СЭТЖС басқармасына қараслы аймақлық, қалалық ҳәм районлық бөлимлерге бөлистирилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.