Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң мағлыўматларына қарағанда, бөлимниң Қарақалпақ гуманитар илимлер илимий-изертлеў институтында 2020-жыл даўамында  «Қарақалпақ фольклортаныў ҳәм әдебияттаныў тарийхын анализлеў» фундаменталь проекти ҳәм «Қарақалпақстан  жәмийетиндеги жәмийетлик  көрсетпелердиң трансформацияланыўы: тарийх ҳәм әмелият» әмелий проектлери исленип, жыл даўамында 2 филология илимлериниң докторы (DSc), 7 философия докторы (PhD) диссертациялық жумыслары табыслы жақланып шықты. Сондай-ақ, 1 профессор илимий атағы алынды.

Атап айтканда, филология илимлериниң докторы (DSc) илимий дәрежесине институт  директоры А.Альниязов, бөлим баслығы П.Нажимов, философия докторы (PhD) илимий дәрежесине А.Бекимбетов, Н.Алламбергенова, С.Бекчанова, П.Өтениязов, М.Утебаев, А.Наўрызова ҳәм Ш.Сайымбетовлар ийе болды.

Сондай-ақ, Қарақалпақ тәбийғый пәнлер илимий-изертлеў институтында да бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

– Институтта 7 илимий лаборатория жумыс алып бармақта,-дейди Қарақалпақ тәбийғый пәнлер илимий-изертлеў институтының баспасөз хаткери, социаллық пәнлер бойынша философия илимлериниң докторы А.Палваниязов. – Институтта алып барылып атырған илимий изертлеў жумысларының тийкарғы мақсети – регионаллық экологиялық машқалаларды шешиў, республикамыздың тәбийғый ресурсларынан, энергетикалық, минерал шийки зат ҳәм өсимлик ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша перспективалы фундаменталь, әмелий ҳәм инновациялық жойбарларды таярлаў, сондай-ақ, жоқары қәнигели кадрларды таярлаў, регионның раўажланыўы ушын әҳмийетли болған халықаралық жойбарларда қатнасыў болып есапланады.

Институтта мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарламалар шеңберинде  илимий-техникалық 1 фундаментал, 4 әмелий жойбарлар орынланды.

Өткен жылда Қарақалпақ тәбийғый пәнлер илимий-изертлеў институтында 3 докторлық (DSc) ҳәм 4 философия докторы (PhD)  диссертациялары қорғалды.

Бир қатар өндирислик кәрханалар менен илимий-әмелий бирге ислесиўди беккемлеў мақсетинде, соның ишинде, “АО “Tahiatosh”, “OOO UzGIP”, “СП 000 Нөкис-балық”, Белорусь Миллий илимлер академиясының Физикалық-органикалық химия институты менен 3 жыл мүддетке, Россия Илимлер академиясы Әмелий механика институты ҳәм Х.А.Яссавий атындағы Халықаралық қазақ-түрк университети менен 5 жыл мүддетке, сондай-ақ, Қытай Илимлер академиясының Синьцзян филиалы, Орайлық Азияда экология ҳәм қоршаған орталықты илимий-изертлеў орайы, Синьцзян экология ҳәм география институты, Өзбекстан Илимлер академиясы Ботаника институты менен биргеликте 5 жыл мүддетке илимий-изертлеў жумысларына байланыслы бирге ислесиў шәртнамалары дүзилди.

Өзбекстанның заманагөй шараяттағы илиминиң раўажланыўына ҳәм инновацияларға, Қубла Аралбойының тәбийғый байлықларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў бойынша жүзеге келип атырған машқалаларға бағышланып халықаралық илимий-конференциялар өткерилди.

Жаңалықлардың бири сыпатында қарақалпақстанның карбонат минераллары тийкарында гидравликалық ҳәкли-белит байланыстырыўшыларын алыўдың усыллары ҳәм физикалық-химиялық илимий тийкарларының жаратылғанлығын атап өтиўимизге болады. Ҳәр қыйлы қәсийеттеги дисперс байланыстырыўшы системаларда структуралық дүзилислерди тәртипке салыўдың каллоидлық-химиялық нызамшылықлары изертленди. Жергиликли минерал шийки зат ҳәм санаатлық шығындыларға тийкарланған байланыстырыўшы ҳәм қурылыс материалларын алыўдың ресурсларды үнемлейтуғын технолгиялары ислеп шығылды.

Әмелий жумыслардан «Майпост» дамбасы жанында инженерлик-геологиялық изертлеў жумыслары алып барылғанлығын атап өтсек болады.

Нөкис ООО UzGIP кәрханасы тәрепинен енгизилген PLAXIS усылын қолланыў арқалы жаўын-шашынды есаплаў жумысларының апробациясы өткерилди. Нәтийжеде, баҳасы 500 миллиард сумға тең болған қурылманың қәўипсизлиги тәмийинлениўине ерисилди.

Суў бассейнлериндеги балықлардың ҳәр түрлилигин ҳәм ихтиофаунаның өнимдарлық қурамын қәлиплестириўди қоллап-қуўатлаў бойынша усыныслар таярланды. Ҳәзирги ўақытта «Нөкис балық» ЖШЖ менен биргеликте жабық суў бассейни шараятында инкубациялаў жумыслары алып барылмақта.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан шараятында тут, сельдерей, собықлы ҳәм басқа да өсимлик түрлерине киретуғын дәрилик түрлердиң биологиялық актив компонентлери үйренилди. Арал теңизиндеги артемия цистасы қурамындағы белоклы ҳәм пептидли элементлер бойынша мағлыўматлар алынды. Хитинниң химиялық араласыўының оптимал шараятлары анықланып, оның тийкарында хитозан ҳәм оның ацилли өнимлерин синтезлеў технологиясы ислеп шығылды. Боян тамыр өсимлигиниң биохимиясы ҳәм оны жетистириў технологиясы бойынша изертлеўлер алып барылды. Ҳәзирги ўақытта тийкарғы биологиялық актив элементлерди ажыратып алыў технологиясы ислеп шығылмақта.

Айырым дәрилик өсимликлердиң түрлерин Қарақалпақстанның топырақ-ықлым шараятларына бейимлестириў жумыслары да алып барылмақта. Атап айтқанда Годжи мийўелериниң (ягода Годжи) путағы Ташкент қаласынан алып келинип, Нөкис қаласы шараятында табыслы тәрбияланбақта. Ҳәзирги ўақытта оның дәслепки мийўелери алынды. Олардың аздырыўшылық қәсийетлери ҳәм жаңа шараятта сақланыўы үйренилмекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.