USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 18 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ДЕНСАЎЛЫҚТЫ САҚЛАЎ ТАРАЎЫНДА САНЛАСТЫРЫЎ ЖУМЫСЛАРЫН НӘТИЙЖЕЛИ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

 

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Денсаўлықты сақлаў тараўын санластырыў ҳәм мәлимлеме системаларының бирден-бир комплексин енгизиў, басқарыў процесиндеги артықша тәртип-қағыйдаларды қысқартыў, халыққа хызметлер көрсетиў сапасын арттырыў, медицина хызметкерлериниң жумыс нәтийжелилигин тәмийинлеў, сондай-ақ, бул бағдарда қабыл етилген санлы трансформациялаў бағдарламаларын нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде:

1.Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң «Мәлимлеме коммуникация технологияларын раўажландырыў орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасы тийкарында Денсаўлықты сақлаў министрлиги қарамағында «IT-Med» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин (кейинги орынларда – «IT-Med» ЖШЖ) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

«IT-Med» ЖШЖ «Мәлимлеме коммуникация технлогияларын раўажландырыў орайы» МУКтың ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары, соның ишинде халықаралық шәртнамалар бойынша ҳуқықый мийрасқоры болып есапланатуғыны белгиленсин.

2.«IT-Med» ЖШЖға төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленсин:

денсаўлықты сақлаў системасы ҳәм шөлкемлериндеги процесслерди оптималластырыў, рационластырыў, стандартластырыў ҳәм автоматластырыў;

денсаўлықты сақлаў тараўында мәлимлеме системаларын раўажландырыў ушын әмелге асырылатуғын және халықаралық финанс шөлкемлериниң есабынан қаржыландырылатуғын жойбарлардың техникалық-экономикалық параметрлери, концепциялары және басқа да жойбар ҳәм жойбар алды ҳүжжетлерин ислеп шығыў;

медицина ҳәм фармацевтика тараўында мәлимлеме технологиясы ҳәм коммуникациялары сиясатын ҳәм стандартларын енгизиў;

«Электрон денсаўлықты сақлаў» мәлимлеме системаларының  бирден-бир комплексин енгизиў ҳәм бақлап барыў, сондай-ақ, олардың басқа да мәмлекетлик уйымлардың мәлимлеме системалары менен интеграциясын тәмийинлеў;

денсаўлықты сақлаў системасында бизнес процесс ҳәм IT-реинжинирингин раўажландырыў ҳәм бул бағдарда халықаралық тәжирийбени әмелиятта қолланыў;

қойылған ўазыйпаларды жүзеге шығарыў мақсетинде инвесторлар, бизнес бирге ислесиўшилер ҳәм аутсорсинг хызметлерин тартыў;

медицина тараўын санластырыў көлемин кеңейтиў мақсетинде енгизилип атырған мәлимлеме системаларын ҳәм программалық өнимлерди өзинде қамтып алыўшы денсаўлықты сақлаўдың мәлимлеме системасының бирден-бир платформасы (кейинги орынларда-Бирден-бир платформа)н енгизиў.

Онда, «IT-Med» ЖШЖ еркин түрде хожалық ҳәм финанслық мәселелерди шешетуғыны есапқа алынсын.

3.Төмендегилер «IT-Med» ЖШЖның жумысының тийкарғы қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

жаңа мәлимлеме системаларын енгизиў, сондай-ақ, кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлерге хызмет көрсетиўден түсетуғын қаржылар;

«IT-Med» ЖШЖ ның устав қорына белгиленген тәртипте киргизилетуғын инвесторлардың қаржылары;

халықаралық финанс институтлары ҳәм шөлкемлериниң грантлары;

сыртқы бийғәрез жәрдем қаржылары (грантлар, техникалық жәрдемлер ҳәм басқалар)

юридикалық ҳәм физикалық тәреплер, соның ишинде, резидент емеслердиң қайырқомлық қаржылары;

нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

4.«IT-Med» ЖШЖға:

денсаўлықты сақлаў тараўында мәлимлеме системалары ҳәм мағлыўматлар базаларын жаратыў, раўажландырыў, енгизиў, бақлаў ҳәм хызмет көрсетиў ўазыйпаларын тийисли шөлкемлер менен тиккелей шәртнамалар тийкарында әмелге асырыўға;

маман қәнигелерди тартқан ҳалда денсаўлықты сақлаў тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў бойынша шәртнама тийкарында қаржыландырылатуғын ўақтыншалық мийнет жәмәәтин қәлиплестириўге;

жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыў шеңберинде маман қәнигелерди, соның ишинде, сырт ел қәнигелерин мәсләҳәтши сыпатында тиккелей шәртнамалар тийкарында тартыўға руқсат берилсин.

5.2024-жыл 1-январьдан баслап республикамыздағы барлық медицина ҳәм фармацевтика шөлкемлери, соның ишинде, дәриханалар мәжбүрий тәртипте басқышпа-басқыш Бирден-бир платформаға жалғанатуғыны;

денсаўлықты сақлаў тараўындағы мәлимлеме системалары, ресурслары ҳәм басқа да программалық өнимлерди жаратыў ҳәм енгизиў мәжбүрий түрде «IT-Med» ЖШЖ менен келискен ҳалда әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

6.Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары А.А.Азизов:

денсаўлықты сақлаў системасына Бирден-бир платформаны өз ўақтында, толық ҳәм сапалы енгизиў, жуўапкер министрлик, уйым ҳәм шөлкемлер менен енгизилип атырған жойбарларды муўапықластырыў, әмелге асырылған жумыслардың жағдайын баҳалаў және турақлы түрде денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да системалардағы басшы ҳәм олардың орынбасарларының есабатларын тыңлаўды шөлкемлестирсин;

Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасының санластырылыўына инвесторларды тартсын;

2023-жыл 1-январьға шекем халық ҳәм системаның пайдаланыўшылары тәрепинен интерактив медициналық хызметлерди алыў имканиятын беретуғын арнаўлы бағдарлама ҳәм мобиль қосымшалар ислеп шықсын ҳәм иске қоссын.

Усы бәнтте нәзерде тутылған ўазыйпаларды толық ҳәм нәтийжели әмелге асырыў денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары  А.А.Азизовтың жумыс нәтийжелилигиниң тийкарғы өлшемлеринен (KPI) бири етип белгиленсин.

7.«IT-Med» ЖШЖ Ташкент қаласы, Шайхонтоҳур районы, Наўайы көшеси, 4-жай мәнзилинде бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.

8.Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.

9.Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

10.Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Б.А.Мусаевқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                 Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 23-февраль