Усы жыл 20-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қоқанд университетиниң басламасы менен математика пәни бойынша мектеп оқыўшылары арасында «Қоқанд олимпиадасы»ның Қарақалпақстан Республикасы  басқышы өткерилди.

Олимпиадаға қала ҳәм районлық басқышларда жеңимпаз болған 5-11-класста оқыйтуғын жәми 510 оқыўшы қатнасып, өз билимлерин сынақтан өткерди.

 

 

Олимпиада Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен өткерилип, онда ҳәр бир топар ушын бирдей тапсырмалар варианты берилип, жеңимпазлар классларға ажыратылмаған ҳалда, ҳәр бир топар бойынша өз алдына бөлек-бөлек анықланады. Улыўма нәтийжелерде ҳәр бир топар бойынша жоқары балл топлаған 5 оқыўшы, жәми 15 оқыўшы усы жылдың март айында Қоқанд университетинде өткерилетуғын Өзбекстан Республикалық басқышына жоллама алады.

Олимпиаданың жуўмағы Қоқанд университетиниң рәсмий сайты арқалы жәрияланады.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы