Қарақалпақстан АССР Халық Комиссарлары Советиниң «Нөкис қаласын телефонластырыў ҳаққында»ғы Қарары. 1929-жыл, май.

 

Усы Қарарда Нөкис қаласында Орайлық телефон станциясын қурыў ҳәм мәкемелер, турақ жай қурылыс объектлерин телефонластырыў мәселелери белгиленген.

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық Мәмлекетлик архив фондынан.

 

Әййемги дәўирлерден баслап мәмлекетлер, қалалар менен байланысларды жолға қойыў, хабар ҳәм мәлимлеме алмасыў, оларды тарқатыў жумысларын әмелге асырыў мәселелери айырықша әҳмийетке ийе болып келген.

 

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халықларының турмысында усы тарийхый дәўир өзиниң раўажланыў басқышларына ийе. Ең биринши почта байланысы хызметиниң шөлкемлестирилиўи (XIX әсир), соң басқышпа-басқыш телеграф байланысының раўажланып барыўының нәтийжесинде (XX әсирдиң I ярымынан) барлық қалаларда телефон станцияларының иске түсирилиўи ҳәм XXI әсирге келип заманагөй мәлимлеме-коммуникациялық технологиялардың тезлик пенен раўажланыўы үлкен әҳмийетке ийе өзгерислер болып есапланады, деп жазады Қарақалпақстан Республикасы Архив иси басқармасы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.