22-февраль күни Қарақалпақстан Республикасынан 253 пуқара «Даўыт ата» шегара посты арқалы ири қурылыс объектлеринде белгиленген эпидемиологиялық талапларға әмел еткен ҳалда жумыс ислеў ушын Қазақстан Республикасының Ақтаў қаласына шөлкемлескен тәризде жөнеп кетти. Бул ҳаққында Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги хабар берди.

Пандемия дәўиринде Өзбекстан пуқараларын сырт еллерде жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде агентлик ҳәм Қазақстан Республикасының жумыс бериўшилер арасында алып барылған сөйлесиўлер нәтийжесинде пуқараларымызды усы мәмлекетке жибериў бойынша келисимге келинген еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.