Депутат Асылбек Арзиев Шымбай районындағы «Темир жол гүзары»  МПЖ аймағындағы өз сайлаўшылары менен ушырасты.

Ол быйылғы «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»  Мәмлекетлик бағдарламасында белгилеп берилген баслы ўазыйпалар, Президентимиз тәрепинен қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлардың әҳмийети бойынша кең түрде мағлыўматлар берди.

 

 

Аймақ турғынларының машқалалары тыңланды. Атап айтқанда, усы аймақтағы Жуманиязов көшесин кесип өтиўши автомобиль жолының астынан өтип турған суў қубырын өзгертип бериў  бойынша  турғынлардың  мүрәжаты қабыл етилип, сол жердиң өзинде районлық Жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы хызметкерлери менен биргеликте  машқала үйренилип, депутатлық сораўнама жиберилип, сапластырылатуғынлығы  атап өтилди.

 

 

 

 

Буннан  тысқары  «Арзы ийшан»  қойымшылығын  қоршаў, жап салмаларды  тазалаў, абаданластырыў жумыслары бойынша да мәселелер сөз етилди.

Ушырасыў даўамында сайлаўшылар тәрепинен көтерилген машқалалардың айырымлары орынларда шешилген болса, айырымлары тийисли шөлкемлер менен биргеликте үйренип шығыў ушын қадағалаўға алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.