«Өзгидрометеорология» хызметиниң берген мағлыўматына қарағанда, 2021-жылдың 23-27-февраль күнлери аралығында ҳаўа райы түнде 17-22 градусқа шекем төменлеп, 23-25-февраль күнлери 20-22 метр/секунд тезликте күшли самал есиўи күтилмекте.

 

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы пуқараларды:

 

– қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиў;

– қуўраған тереклер, беккемленбеген ҳәр түрли конструкциялар қасында ҳәрекетленгенде абайлы болыў;

– илажы болғанынша бундай орынларда автомобильлерди қалдырмаў;

– жылытыў қазанханаларының (котёл) ҳәдден тыс қызып кетиўине жол қоймаў;

– газ ийсинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў арқалы өз өмири, денсаўлығы ҳәм мүлклериниң қәўипсизлигине итибарсыз болмаўға шақырады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.