Президент Шавкат Мирзиёев 22-февраль күни Наўайы ўәлаятында және гидроэнергетика тармағында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың презентациясы менен танысты.

Наўайы ўәлаяты – санаатласқан аймақ. Таў-кән, химия, қурылыс материаллары ҳәм тоқымашылық тармақлары ўәлаят экономикасының «драйвер»лери болып есапланады. Бул жерде жылына 65 триллион сумнан аслам санаат өнимлери ислеп шығарылады.

Усы жылы Наўайы ўәлаятында 576 жойбардың әмелге асырылыўы жобаластырылған. Олардың улыўма баҳасы 18 триллион 600 миллиард сум. Тараўлар кесиминде айтқанда, жойбарлардың 200 и санаат, 179 ы хызмет көрсетиў, 197 си аўыл хожалығы тармақларында. Булардың нәтийжесинде дерлик 18 триллион сумлық өндирис қуўатлылығы шөлкемлестирилип, 16 мың жумыс орны жаратылады. 123 миллион долларлық импорттың орнын басатуғын өним таярланып, 125 миллион долларлық экспорт тәмийинлениўи нәзерде тутылған.

Атап айтқанда, қурылыс материаллары тармағында акрил тас, базальт панеллер, ағаш талшықлы плиталар, пол ҳәм дийўал ушын қапламалар, шийше өнимлерин ислеп шығарыў жолға қойылады. Мысалы ушын, Зарафшан қаласында айна кәрханасын быйыл декабрьде иске қосыў режелестирилген. Онда 350 адам мийнет етеди.

Химия санаатында 20 жойбар қәлиплестирилген болып, усы жылы 9 ы пайдаланыўға тапсырылады. Нәтийжеде талап жоқары жаңа өнимлер өзлестирилип, 430 дан аслам адамның бәнтлиги тәмийинленеди.

 

 

 

Тоқымашылық тармағындағы жойбарлар да перспективалы. Атап айтқанда, усы жылы барлық қала ҳәм районларда 28 кәрхана шөлкемлестирилип, 5 мың 800ге шамалас жумыс орны жаратылыўы режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы жойбарларды сапалы, илимий қатнас жасаған ҳалда әмелге асырыў, заманагөй технологияларды тартып, қосымша қун жаратыў, бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарып, экспортқа қаратыў бойынша көрсетпелер берди.

Өзбекстан Президентиниң 2017-жыл 2-майдағы қарары менен 2017-2021-жыллары гидроэнергетиканы буннан былай да раўажландырыў илажлары бағдарламасы мақулланған еди. Бул бағдарламаға жәми 3 миллиард 400 миллион долларлық 65 жойбар киргизилген болып, соннан 34и жаңа қуўатлықлар шөлкемлестириў, 31и барларын модернизациялаўға қаратылған. Бүгинги күнде 1 мың 100 мегаваттлық 12 жойбар иске қосылған. 950 мегаваттлық және 20 жойбар жуўмақлаўшы басқышта әмелге асырылмақта.

Усы жылы улыўма баҳасы 1 миллиард 420 миллион доллар болған 16 жойбар режелестирилген. Атап айтқанда, 11 жаңа гидроэлектр станциясы қурылып, 587 мегеватт электр қуўатлылығы жаратылады. Қалған 5 жойбарға бола, бар станциялар модернизацияланып, өндирис имканияты  кеңейтиледи.

Презентацияда тараўды трансформациялаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Президент жойбарларды және бир мәрте қайта көрип шығып, сапа жағынан жетилистириў бойынша көрсетпелер берди.

 

 

 

 

 

 

ӨзА