Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 22-февраль күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Инсан ҳуқықлары бойынша кеңеси 46-сессиясының жоқары дәрежедеги сегменти жумысында шығып сөйледи.

Инсан ҳуқықлары бойынша кеңес жумысы пүткил дүнья бойлап инсан ҳуқықларының қорғалыўын тәмийинлеўге қаратылған БМШ системасындағы ең абырайлы ҳүкиметлераралық уйымлардан бири болып есапланады.

Кеңеске 47 мәмлекет ағза. Өткен жылдың октябрь айында елимиз 2021-2023-жыллар дәўирине бул структураның ағзасы етип биринши мәрте сайланды. Коронавирус пандемиясы мүнәсибети менен кеңестиң гезектеги мәжилиси Женева қаласында видеоәнжуман түринде өткерилди.

Мәжилис күн тәртибинен инсан ҳуқықларына әмел етилиўи ҳәм оларды қорғаў, соның ишинде, пуқаралық, сиясий, экономикалық, социаллық ҳәм мәдений ҳуқықларды тәмийинлеўге байланыслы ең әҳмийетли мәселелер орын алды.

Илажды БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комиссар Мишель Бачелет кирис сөз бенен ашты.

Буннан соң мәжилистиң баслығы Нажот Шамин Хан дерлик 150 мәмлекеттен мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, сыртқы ислер министрлери, жоқары дәрежедеги ўәкиллер қатнасқан әнжуман қатнасыўшылары арасында биринши болып Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевқа сөз берди.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлесиўинде Өзбекстанның демократиялық жаңаланыўлар процесин буннан былай да тереңлестириўдиң тийкарғы бағдарлары, елимиз тәрепинен БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңеси менен биргеликте орынланыўы режелестирилген бир қатар әҳмийетли мәселелерге тийкарғы итибарды қаратты. Соның ишинде, Өзбекстанда мәжбүрий мийнет, әсиресе, балалар мийнетине байланыслы машқалаларды сапластырыў бойынша әмелге асырылған, халықаралық жәмийетшилик тәрепинен тән алынған жумысларға айрықша тоқтап өтти.

Кейинги жыллары елимизде мине усы бағдардағы реформалар Өзбекстанның инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў ҳәм хошаметлеў сиясатына беккем садық екенлигин дәлиллейди. Президентимиздиң шығып сөйлеўи Өзбекстан өзи таңлаған сыртқы сиясат тийкарында буннан кейин де инсан ҳуқықларының қорғалыўы бойынша барлық мәпдар халықаралық структуралар менен избе-из бирге ислесиўди даўам еттириўге таяр екенин анық көрсетти.

Мәмлекетимиз басшысының БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңеси 46-сессиясындағы қатнасыўы жаңа Өзбекстанда инсан ҳуқықларын тәмийинлеўге тийкарғы итибар берилип атырғанының анық дәлили сыпатында көзге тасланды. Сондай-ақ, Президентимиздиң беккем сиясий ерк-ықрары менен елимиздеги демократиялық жаңаланыўлар улыўма тән алынған халықаралық ҳуқық принциплери ҳәм нормаларына толық сәйкес тәризде, халықаралық жәмийетшилик пенен ашық ҳәм избе-из биргеликте әмелге асырылып атырғанынан дәрек береди.

ӨзА