Шәкирти устазы ҳаққында

Устаз дегенде ҳәр бир инсанныӊ пикири ҳәр түрли, биреў балалар бақшасына барған ўақытта өзин тәрбиялаған инсанды – тәрбияшысын устаз дейди, екинши биреў болса биринши класқа барған ўакыттағы биринши класс басшысын устаз деп таныйды.

Устаз түсиниги кеӊ, көлеми туӊғыйық, шыӊы көз жеткизбейди. Халқымызда елге үлги, халқына әдиўли болған устазлар көп. Солардыӊ бири бүгинги сөз етпекши болған устазым тарийх илимлериниӊ кандидаты  Асқар-аға Джумашев болып табылады. Ол 1969-жылы 23-февраль күни Нөкис қаласында белгили педагоглар шаӊарағында дүньяға келеди. Сол дәўирдеги әпиўайы балалар қатары балалар бақшасында тәрбия алып, 1976-жылы Нөкис қалалық Күнхожа атындағы орта мектептиӊ биринши класына окыўға барады. «Болар бала бес жасынан» дегендей, ол өзиниӊ алғырлығы ҳәм зийреклиги менен көзге тасланып, өз қатарыныӊ арасында үлкен абыройға ийе болады. 1986-жылы 21-санлы мектепти айрықша баҳалар менен тамамлап, Асқар аға Нөкис мәмлекетлик университетиниӊ Тарийх-география факультетиниӊ тарийх қәнигелиги бойынша оқыўға түседи ҳәм 1991-жылы табыслы тамамлап питкерип шығады.

Жаслайынан илимге деген қызығыўшылығы оны 1991-жылы Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими Тарийх, археология ҳәм этнография институтына жетелейди. Солай етип Асқар аға өзиниӊ мийнет жолын усы институтта үлкен лаборант лаўазымынан баслайды. Бул жас қәниге ушын үлкен тәжрийбе болды, себеби сол гезлери бул бөлимде Қарақалпақстан тарийхыныӊ алдыӊғы қатар тарийхшы-илимпазлары академик С.Камалов, У.Қалниязов, А.Бекимбетов, Ж.Уббиниязов, П.Муратова ҳәм т.б. мийнет етип атырған еди. Олар жас қәнигеде қандайда бир ушқынды сезип, оны қоллап-қуўатлайды, усы институттыӊ аспирантурасына қабыл етилиўине өз үлесин тийгизеди. Жас алым тынымсыз мийнети арқасында, уллы устазы академик Сабыр аға Камаловтыӊ илимий басшылығында 1996 жылдыӊ май айында «Хүкимет хүжжетлеринде Қарақалпақстан тарийхы (1932-1941 жж.)» атлы кандидатлық диссертациясын жаклап шығады.

Үлкен илим жолындағы оныӊ қәдемлери басқышпа-басқыш әмелге асады: 1997 жылдыӊ январь айынан баслап институттыӊ «Еӊ жаӊа тарийх» бөлиминде үлкен илимий хызметкер лаўазымында ислеп, 2003-жылдан баслап усы бөлимниӊ баслығы лаўазымына тастыйықланады. 2005-жыл илим тараўындағы қайта шөлкемлестириў жумыслары әмелге асырылып, институт қурамында тарийх бағдарында жумыс алып келген бөлимлер бириктирилип, Тарийх бөлими қайтадан болып дүзиледи ҳәм оныӊ баслығы ретинде Асқар Джумашев тайынланады.

Оныӊ искерлиги, талапшаӊлығы, саўатлылығы хаққында илимпазлар қәўими жақсы билсе керек. Ал бүгин, мен ол инсан менен еӊ биринши сәўбетлесиўим ҳаққында айтып бермекшимен.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети магистратура бөлиминиӊ екинши курсында оқып жүрген ўақтымда бир қатар магистрантлар илимий-педагогикалық әмелиятты өтеўге Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институтына бардық. Қолымызда 6 магистрантты әмелиятка жиберилсин деген буйрығымыз бар. Ҳәммемиз жыйналып, «Дослық» каналына жақын жайласқан институттыӊ үлкен салқын имаратыныӊ ишине кирдик. Бизлер ушын бул имарат сырлы бир дүнья мисли  тым-тырыс, бийўақ жүрген биреў жоқ. Ҳеш  кимди танымаймыз. Усы топардыӊ жетекшиси болғаннан соӊ, кимге хабарласыў керек екенлигин ойлана басладым. Бир ўақытта қапыныӊ сыртына «Илимий хаткер» деген жазыўы бар қапыға көзим түсти, қапыны қақтым. Қапыны ашып қарасам түр түси бийдай реӊли, келбети келискен жас жигит компьютерде жумыс ислеп отыр екен. Сәл қысынып,  «Кеширерсиз, кирсем мүмкин бе?» деп сорадым, ол да жатырқамай, «келиӊ, келиӊ» деп атыр кулимсиреп. Өз исимди айтып үлгерместен-ақ, «сизлер екинши қабатқа көтерилип, «Тарийх» болиминиӊ баслығы Джумашев Аскар ағаға жолығасыз» деди. Мен рахметимди айтып, қапыны әсте жаўып шығып кеттим. Топарласып екинши қабатқа көтерилип, узын коридор менен аяғымыздыӊ ушында алтаўмыз жүрип кыятрмыз. Сес жоқ, тек бизлердиӊ жүрисимиздиӊ даўсы ғана еситиледи. Коридордыӊ ақырына жетип, шепке бурылдықта, «Тарийх бөлими баслығы» деген жазыўы бар қапыныӊ алдына келип тоқтадық. Топар жетекшиси болғаннан кейин ҳәммеси «сен старостасаӊ ғо» деп мени жибереди. Бүгинде сол әдетинде, бесеўи маған нәзери менен «бар» деп тур. Студентлер арасында муғаллимлер ҳаққында көп гәп болады, ҳәр бирине тәриплемелер берилип, ҳәммесин «рентген» нен өткерип қояды. Усы жерге келместен алдын Аскар-аға туўралы адамлардан қатал, соныӊ менен бирге жүдә саўатлы инсан деп еситетуғын едим. Бурын көрип-танымағаннан кейин, қапыны қағыўда бираз иркилип, «сен бар ҳә сен бар» деп бир-биримизге мирәт етип, «сен қақ қапыны» деп және турдық. Ақыры көпшилик мени және алдына салды. Әсте-ақырын капыны қағып, «Ассалаўма алейкум, кеширерсиз, сиз Асқар-ағасызба?» деп едим, «Аўа, келе бер» деп жуўап берди. «Мүмкинбе кирсек?» деп сорадым, «Келиӊ, кириӊ, кириӊ» деп күлимсиреп шырай танытқаннан кейин, қапыны кеӊинен ашып, топырласып кире басладық. Қолымыздағы қағазды көрсетип келген мақсетимизди айтқаннан кейин, ҳәммемизди отырғызып, ислейтуғын жумысымызды биримлеп жатығы менен еринбестен түсиндирди. Еки ай даўамында китапханада жумыс ислеп, оныӊ жумысы ҳаққында, картотека менен ислесиў, материал жыйнаў жумысларын үйрендик. Еки ай деген ўакытта зуўлап өтип кетти. Енди кәсип әмелиятын өтеди деген қағазымызға қол қойдырыў ушын Аскар ағаныӊ кабинетине және бардым. «Кел, балам» деп жыллы жүз бенен күтип алып, ҳал-аўҳал сорады, «ал, әмелият калай, унадыма?» деп күлип койды. «Аўа аға унады, әмелиятқа ажыратылған ўақтымыз таўсылып еди, әмелиятты толық өтегенимиз хаққындағы қағазға қол қойдырыўға келип едим» дедим. «Қәне, қағазыӊды әкел» деди де, дәрриў артықша иркинишсиз қол қойып берди. Қағазымды қолыма алып, «Асқар аға, сизден бир нәрсе сорасам болама» дедим. «Айта бер, балам» деди устаз күлимсиреп. Мен өзимниӊ келешекте илимий жумыс ислейжақ нийетим бар екенлигин айтып едим, «нийетиӊ дурыс балам, бирақ илим менен шуғылланыў аӊсат емес» деди, «кел, отыр балам, сизге бир ертеректе Ата менен болған ўакыяны айтып берейин» деди. Мен «Ата деген ким?» деп сорап жүрмен, кейиннен билсем, тарийх илимлериниӊ докторы, профессор, Өзбекстан Илимлер академиясыныӊ академиги Сабыр аға Камаловты шәкиртлери «Ата» деп айтады екен. Сол гезде усыныӊ өзи мени ойландырған еди, Устазға не деген ҳүрмет, «Устаз атаӊдай уллы» деген сөз бийкарға айтылмаған екен деп қойдым ишимнен.

Сондағы Асқар ағаныӊ айтқаны мына ўақыя еди: күнлердиӊ күнинде жоқары оқыў орнынан бир жигит Сабыр атаныӊ кабинетине келип, өзин таныстырып, «Сабыр ата, мен илимий жумыс ислейжақ едим, маған илим менен шуғылланыўдыӊ үстиртин қыйыншылықлары туўралы айтып бересизбе?» деп сорапты. Сабыр ата былай деп жуўап беген екен: бириншиден – төбеӊде жайыӊ болса болғаны, болмаса квартирада жасайсаӊ, еки қабатлы үлкен үйде жасаў жоқ; екиншиден – астында машыныӊ болмайды, пияда жүресеӊ; үшиншиденкүнде таза кийим киймеийсеӊ, қашан тозаман дегенше барыӊды жуўып кийип жүресеӊ, қулласы, балам, 40 жасқа шекем қаттыға қыйналасаӊ, кандидатлық жақлағанша» деген екен. Сонда жаӊағы жигит: «Ата, жақлап болып 40 жасымнан кейин байып кетеменбе?» деп сорапты. Атамыз: «Жақ, балам, 40 жасыӊнан кейин сол өмириӊе көнип кетесеӊ» деп жуўап берипти. Асқар ағанын айтып берген ўақыясынан жүдә тәсирленип кеттим. Сол гезде ол Атаныӊ айтқан және бир сөзин айтып, былай деген еди: «Илимпаздыӊ наны жуқа, бирақ тойымлы деп айтатуғын еди. Соныӊ ушын илим менен шуғылланатуғын болсаӊ, атаныӊ айтқан сөзлеринен өзиӊе жуўмақ шығар, ислеймен, илим менен шуғылланаман, диссертация жазаман десеӊ бизиӊ институтымыздыӊ есиги мудамы ашық» деди.

Мине сол күннен бери азғана ўақыт өтседе, устазымныӊ хәр бир айтқан сөзи, өз орны менен келтирген мысаллары хәр бир инсанды таӊ калдырады. Оныӊ хәр бир инсан үлги, өрнек алатын тәреплери жүда көп деп ойлайман.  Сөзимди жуўмақлап айтатуғын болсам, устазыма биринши гезекте беккем денсаўлық, шаӊарағына аманлық ҳәм бахыт, сүрип атырған мазмунлы өмири узақ даўам етиўин тилеп, алдағы илимий дөретиўшилик жумысларына тасқын табыслар тилеймен.

 

Утебай Кеңесбаев.

ӨзИА Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар

 илимлер институтының таяныш докторанты

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги