Быйылғы жыл Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студентлери ушын әўмет ҳәм имканиятлар есигин кеңнен ашпақта.

Буны Россия Федерациясының Пенза қаласында «Жыл таңлаўы» XVII халықаралық илимий-изертлеўлер таңлаўында усы университет магистрантлары Гүлчехра Бекниязова  физика пәнинен, Дәўлетбай Сәрсенбаев инглиз тили пәнинен қатнасып, халықаралық таңлаўда жеңимпаз болып, алтын медальды қолға киргизгени мысалында да көриўимиз мүмкин.

Г.Бекниязова физика-математика илимлериниң докторы, профессор Қанатбай Исмайлов пенен биргеликте, ал  Дәўлетбай Сәрсенбаев  техника илимлери бойынша  философия илимлериниң докторы (PhD), доцент Камал Реймовтың басшылығында илимий-изертлеў жумысларын алып бармақта.

 

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы