Усы жылдың 22-февраль күни таңғы саат 04:00 лер шамасында Қарақалпақстан Республикасы суды имараты, яғный Нөкис қаласы И.Кәримов көшеси 122-жайдың жылытыў тармағында жарылыў жүз берди.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, жарылыў ақыбетинде жарақат алғанлар ҳәм жәбирленгенлер жоқ.

 

Ўақыя ақыбетинде суд имараты ҳәм оған жақын жайласқан қоңсы имаратлардың айналары сынып, зыян жеткерилген. Жеткерилген зыян ақыбети сапластырылмақта.

 

Ўақыяның келип шығыў себеби тийисли тараў қәнигелери тәрепинен үйренилмекте. Нәтийжеси бойынша қосымша мағлыўмат бериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.