Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақлардың раўажланыўы, ири жойбарлар менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 18-19-февраль күнлери Наманган ўәлаятында болды.

Сапардың екинши күни Наманган қаласында халық депутатлары ўәлаятлық Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтти.

Сессияда Президент Шавкат Мирзиёев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

– Хабарыңыз бар, Наманган ўәлаятының бурынғы ҳәкими Хайрулла Бозоров реформаларымызды әмелге асырыў бойынша көп жумыслар иследи. Бул жерде алынған сабақ ҳәм тәжирийбени екинши ўәлаятта да қолланыў, адамлардың бирин еки етиў ушын оны Ферғана ўәлаятына ҳәким еттик. Енди Наманган ўәлаятына жаңа ҳәким тайынлаў мәселесин көрип шығыўымыз керек. Наманганның бүгинги раўажланыўына мүнәсип, жумыстың көзин билетуғын, халықшыл, исбилерменди қоллап-қуўатлайтуғын адамды басшы етип сайлаўымыз керек, – деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы ҳәкимлерди таярлаў ҳәм тайынлаў жуўапкершилиги ҳаққында айтты.

Сессияда шөлкемлестириў мәселеси көрилди.

– Өмир сондай, мен ҳәр бир ўәлаятта басшы бола алатуғын адамды төрт-бес жыл алдын таярлаўға мәжбүрмен. Шавкат Абдураззақов Наманган районы, Наманган қаласында ҳәким болған, Министрлер Кабинетинде департамент баслығы, министр болып ислеген. Наманганның шараятын, халықтың дәртин, Ташкенттеги кабинетлердиң есигин қалай ашыўды, мәселени қалай шешиўди биледи, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы 2020-жыл сентябрь айынан берли Наманган ўәлаяты ҳәкими ўазыйпасын атқарып киятырған Шавкат Шокиржонович Абдураззоқовтың кандидатурасын ўәлаят ҳәкими лаўазымына усыныс етти.

Ш.Абдураззоқов 1976-жылы Наманган қаласында туўылған. Ўәлаят ҳәкимлиги, мәмлекетлик мүлк басқармасы, Министрлер Кабинетинде жуўапкер лаўазымларда ислеген. Мәмлекетлик экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баслығы болған.

Халық депутатлары, нуранийлар, ҳаяллар, жаслар шығып сөйлеп талабанды қоллап-қуўатлады. Даўысқа қойыў нәтийжелерине бола Шавкат   Абдураззоқов Наманган ўәлаят ҳәкими етип тастыйықланды.

Сессияда Наманган ўәлаятын ҳәр тәреплеме раўажландырыў илажлары додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматын арттырыў, кәмбағаллықты қысқартыў биринши әҳмийетли ўазыйпа екенлигин атап өтти. «Мәҳәлле кесими» системасында исбилерменликти раўажландырыў ушын 850 миллиард сум кредитлер ажыратыўға көрсетпе берилди.

Сондай-ақ, Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан 60 миллион доллар ажыратлатуғыны айтылды. Оның есабынан Наманган қаласы ыссылық системасын қайта қурыўға 15 миллион доллар, ески қала инфраструктурасын жақсылаў ҳәм каналлардың жағаларын абаданластырыўға 10 миллион доллар, мәҳәллелердеги драйвер жойбарларды қаржыландырыўға 10 миллион доллар, лимоншылықты раўажландырыўға 10 миллион доллар қаратылады. Киши ҳәм жаслар санаат зоналарына, ишки ҳәм зыярат туризмин раўажландырыўға, кредитлер процентиниң бир бөлегин қаплаўға 5 миллион доллардан бериледи.

Наманган ўәлаятында 2021-2022-жыллары улыўма баҳасы 23 триллион 700 миллиард сумлық инвестициялық жойбарлардың әмелге асырылатуғыны атап өтилди. Усы 1 мың 728 жойбар арқалы 66 мыңнан аслам жумыс орнын жаратыў режелестирилген.

– Наманганға отыз жыллық тарийхта бундай қаржы келмеген. Егер соны дурыс, нәтийжели жумсап ислетсек, ўәлаяттың экономикасы жедел раўажланады, барлық районларға санаат кирип барады, адамлар жумыслы болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Аўыл хожалығын раўажландырыў, егинлердиң қурамын өзлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди. 17 мың гектар жер ажыратып, 200 мың жас, пахта кластерлери тәрепинен ҳәр бир районда тигиўшилик кәрханаларын иске қосып 10 мың ҳаялдың бәнтлигин тәмийинлеў ўазыйпасы белгиленди.

Янгиқўрғон картошкашылық орайы, Венгрия менен биргеликте картошкашылық бағдарында илимий-изентлеў институтын шөлкемлестириў бойынша жуўапкерлерге тапсырма берилди.

Социаллық инфраструктураны раўажландырыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Быйыл ўәлаятта 160 километр ишимлик суўы ҳәм 11 километр ақаба тармақларын қурыў ушын бюджеттен 59 миллиард сум және Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан қосымша 100 миллиард сум ажыратылатуғыны мәлим етилди. Буның нәтийжесинде және 167 мың халық таза ишимлик суўы менен тәмийинленеди.

Президент не ушын «мәҳәлле кесими» системасында ислеў кереклиги ҳаққында пикир билдирди.

– Және бир мәрте айтаман, бүгинги Өзбекстан кешеги Өзбекстан емес. Заман тез пәт пенен өзгерип атыр. Бирден-бир жолымыз дурыс екенлигине исеним пайда етиў ушын биз мәҳәлледеги жағдайды тереңирек билиўимиз керек. Мәҳәлле баслығы бир күнде бир жумыс орнын жаратса, бир мәҳәлледе 5 исбилермени болса разыман. Усылай ислесе бола ма! Болады. Азанда ерте турып шаңарақларға кирип, ағам, иним, улым, достым ямаса мәҳәллелесим деп, мине усы теректи ек, 100 таўық бақ, бириң еки болсын, мине саған ҳәк, үйиңди ҳәклеп, тазалап қой, берекет келеди, балаларыңды оқыўға ўақтында жибер, десин.

50 мың гектар жерди халқымызға қайтарып бермекшимиз. Алдынлары мың гектар ҳаққында да айта алмас едик. 50 мыңнан 26 мың гектары Поп районында. Соны халыққа, жасларымызға берсек биримиз еки бола ма, ямаса жоқ па? Бириншиден, жасларымыз жумыслы болады, екиншиден, ертең бул жерден алынған өним базарға шығады. Қалаберди, фермер де ойлай баслайды, егер бүгин мен ислемесем, ертең жеримди алып қояды, дейди. Пүткил дүньяда сондай: әдил бәсеки. Наманганда жерге мүнәсибет өзгерсе, өним өзгереди. Өнимниң сапасы өзгерди ме, базар арзан болады, – деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы жаслар менен өз алдына сөйлести. Олар айтқан усынысларды, бизнес-режелерин қоллап-қуўатлап, жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берди.

– Жаслардың көзинде ертеңги күнге исеним көрсем, ашығы, барлық шаршағанларым шығып кетеди! Мине усындай билимли, жанкүйер, излениўшең жаслар барлық тараўларда өзгерис ислейди. Биз оларға кең жол ашып, ҳәр тәреплеме жәрдем бериўимиз керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Халық депутатлары ўәлаятлық Кеңесиниң сессиясынан соң Президент Шавкат Мирзиёев Наманган қаласының Бунёдкор мәҳәллесин барып көрди.

Бул жердеги жағдай мәҳәллениң атына сай емес. Ишимлик суўы жоқ, ишки жоллар жаман, қоршаған әтирап абаданластырылмаған. Мәҳәлле уйымының өзи де ўайран, имараттың артында шығындылар жатыр.

Мәмлекет басшысы мәҳәлле баслығы ҳәм мәсләҳәтшиси менен сәўбетте болды.

– Сизлер адамларды жәмлестириўиңиз, басқаларға өрнек болыўыңыз керек. Бул мәҳәллениң ийеси сизлер! Мөмин мусылмансыз-ғо сизлер! Терек ексе бола ма? Шығындыны тазалатып қойса бола ма? Дийўалды ҳәклесе бола ма? Соған көп зат керек пе? Биз мәҳәллеге сонша итибар қаратып, үлкен ўәкилликлер берип атырмыз. Бундай жағдайда қалай реформашы боласыз, адамларды қалай изиңизге ертесиз, – деген сораўлар қойды Шавкат Мирзиёев.

Президент Наманган қаласы ҳәкими ҳәм бул мәҳәллеге жуўапкер сектор басшысы болған қалалық прокурорға да қатаң ескертиў берди.

-Бәлент пәрўаз гәплер менен есабат бересиз. Қандай ҳүждан менен лаўазымда отырсыз?! Бул мәҳәлледе 12 мың адам жасайды. Жағдайды қараң, бул сизиң жүзиңиз, – деди мәмлекет басшысы.

Бул жерге жыйналған халық пенен де пикирлесиў болды. Нуранийлардан бири мәҳәлледе ишимлик суўы, тәбийғый газ, өндирислик кәрхананың жоқ екенлиги, жоллар оңлаўға мүтәж екенлигин айтты.

– Мен соның ушын келгенмен, – деди Президент.

Жуўапкерлерге зәрүр инженерлик тармақларынан баслап, мәҳәлледеги шараятларды жақсылаў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәмлекетимиз басшысы Наманган қаласындағы 26-Меҳрибанлық үйинде болды. Шараятларды көзден өткерип, бул жерде тәрбияланып атырған балалар менен сөйлести. – Сизлер ҳәммеңиз мениң перзентлеримсиз. Турмыс оғада қурамалы. Соны билиң, бүгин аўыр күнлер болса да, Алла тааланың жақты күнлери бар. Сизлердиң қыйналғаныңыз, шаңарақты еслегениңиз, арзыў-нийетлериңиздиң артында Қудайдың марҳаматы, ертеңги қуўаныш бар. Бул дүньяда кимниң бахытлы болатуғынын келешек көрсетеди. Сизлердиң бахытлы болыўыңыз ушын өмириңизге турақлы тийкар жаратыўды ойлап атырмыз. Бир мәртелик емес, нызам жағынан. Бул жерди тамамлағаннан соң турақ жай менен тәмийинленип, жақсы жасаўыңызды нызам менен қорғаўға аламыз. Тыныш-татыўлықта сизлердиң бахтыңызды көриў несип етсин, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президент «Сақаўат» үйин де барып көрди. Оның имараты 1982-жылы қурылған.

– Маған Өзбекстанның ҳәр бир пуқарасы бирдей қәдирли. Бүгин жүдә аўыр күн болды, көп мәселелерди додаладық. Самолётқа отырып, қайтыў алдынан кеўлимнен сизлер өттиңиз. Бул машқаланы шешпестен кетемен бе, деп ойладым. Маған «Сақаўат» үйлерине мүтәжлиги болған нуранийлардан жүдә көп хатлар келеди. Соларды есапқа алып, социаллық қорғаўды күшейтемиз. 4 ай ишинде Наманган қаласында «Сақаўат» үйи ушын жаңа имарат қурып бериледи. Сизлер мүнәсип шараятларда жасайсыз, емленесиз. Сизлерге денсаўлық ҳәм узақ өмир тилеймен, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Нуранийлар елимизге тынышлық-абаданлық тилеп пәтия берди.

Усының менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Наманган ўәлаятына сапары жуўмағына жетти.

 

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Абдулазиз МУСАЕВ,

Авазбек ХУДОЙҚУЛОВ,

Нурилло Насриев,

ӨзА ның хабаршылары