23-26-февраль күнлери республикамыз аймағына Волгабойы арқалы Россияның (Москва областы) Европадағы бөлими аймақлары үстинде қәлиплескен суўық ҳәм ығал ҳаўа массалары кирип келеди. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар берди.

 

Қарақалпақстанда 23-февральда жаўын-шашын (жаўын, қар) болады, 24-февральда жаўын-шашын болыўы күтилмейди.

 

24-25-февральда Қарақалпақстанда ҳаўаның температурасы түнде 17-22 градус суўық, күндиз 10-15 градус суўыққа шекем түседи.

 

23-25-февральда айрым жерлерде самал 17-22 м/с қа шекем, базыда 25-28 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.