Нөкис районындағы  17-санлы улыўма орта билим бериў мектеби «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны  орайында жайласқан болып, онда бүгинги күни 723 оқыўшы заман талабына сай тәлим-тәрбия алмақта.

Келешегинен үлкен үмит күттиретуғын жас кадр Азаматдин Уматов басшылық ететуғын бул оқыў дәргайында улыўма 71 муғаллим жумыс ислейтуғын болса, солардың бесеўи жоқары категориялы,   он беси 1 категориялы,  жигирма бири 2 категориялы болып есапланады.

 

 

Көпшиликке мәлим болғанындай  мектептеги тәлим-тәрбия процесиниң  сапалы болыўы  мектеп ҳәкимшилигинде жумыслардың дурыс жолға қойылыўы ҳәм муғаллимлердиң бай ис-тәжирийбеге ийе екенлигине байланыслы болып табылады. Келешегинен үлкен үмит күттиретуғын жас кадр Азаматдин Уматов басшылық ететуғын бул оқыў дәргайында улыўма 71 муғаллим жумыс ислейтуғын болса, солардың бесеўи жоқары категориялы,   он беси 1 категориялы,  жигирма бири 2 категориялы болып есапланады.

Жоқарыда атап өтилген санлар,  муғаллимлер жәмәәтиниң жоқары педагогикалық ис -тәжирийбеге ийе екенлигинен дәрек береди. Оның нәтийжесин оқыўшылардың пәнлер олимпиадасы, ҳәр қыйлы таңлаў ҳәм спорт жарысларында  қолға киргизип киятырған табысларынан көриўимизге болады.

 

 

Атап айтқанда, мектеп оқыўшылары  арасында  откерилетуғын пәнлер олимпиадасының районлық басқышында усы мектептиң 4 оқыўшысы қарақалпақ тили ҳәм әдебияты, өзбек тили ҳәм инглис тили пәнлеринен жеңимпаз атанып, республикалық басқышқа жолламаны қолға киргизген болса, қарақалпақ тили хәм әдебияты пәнинен 11-класс оқыўшысы Зухра Базарбаева  Қарақалпақстанда 3-орынды  ийелеп, ҳәзир өз устазы Ботакөз Полатбаева  менен биргеликте  жуўмақлаўшы басқышқа қызғын таярлықлар көрмекте. Сондай-ақ, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық ушын өткерилген таңлаўдың районлық басқышында 10-класс оқыўшысы Мунира Раметуллаева  кестешилик бағдары бойынша, Бердақ Ғарғабай улының 183 жыллығына байланыслы өткерилген  «Хызмет еткил удайына халық ушын» атамасындағы таңлаўында 9-класс оқыўшысы Зийнахан Базарбаева, 10-класс оқыўшысы  Амангелди Раевлер районлық басқышта сыйлы биринши орын жеңимпазы болып,  республикалық басқышқа белсене қатнасып келди.  Сондай-ақ,  Қарақалпақ тилине мәмлекетлик  тил бийлиги берилгенине  31 жыл толыў мунәсибети менен өткерилген «Тарийхымсаң, тәғдиримсең» келешегимсең –Ана тилим!»  атамасында өткерилген шығармалар таңлаўында  9-класс оқыўшылары  арасында Меҳрибан Қарабаева  республикада екинши орынды ийелеген болса,  Республика Халық билимлендириўи  министрлиги  ҳәм Әдиллик министрлиги  менен биргеликте өткерилген «Коррупция раўажланыў зыянкеси!» атамасындағы шығармалар  таңлаўының  районлық басқышында  9-класс оқыўшысы Зийнахан Базарбаева жеңимпаз атанып, республикалық басқышта да өз  белсендилигин көрсетиўге миясар болды. 11-класс оқыўшысы Айсәўле Алламбергенова  болса,   инглис  тили пәни бойынша халықаралық  баҳалаў IELTS сертификатына ийе болып, жоқары оқыў орынларына  кириў интиханына максимал балл алыў имканиятын қолға киргизди. Және де  мектеп оқыўшылары спорттың самбо ҳәм таэквандо түрлеринен де Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан көлеминдеги өткерилетуғын жарысларда жеңимпазлықты қолға киргизип келмекте.

 

 

-Быйылғы жылы мектебимиз имаратына капитал реконструкция жумыслары жүргизилди. Бул ушын республика ҳүкиметине  жәмәәтимиз атынан шексиз миннетдаршылық билдиремен. Алдағы ўақытлары да бизлер мектеп оқыўшыларын келешекте кәмил инсанлар етип тәрбиялаў жолында аянбастан мийнет ете беремиз,- дейди мектеп директоры Азаматдин Уматов.

 

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.