«Нөкис» сыртқы экономикалық байланыс бажыхана постында Мәмлекетлик бажыхана комитети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы жуўапкер хызметкерлериниң исбилерменлик субъектлери менен ушырасыўы шөлкемлестирилди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжаты, сондай-ақ, «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама» менен мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары алдына да бир қатар ўазыйпалар қойылды.

Атап айтқанда, «бажыхана аймағында қайта ислеў режими»нде санаат өнимлерин ислеп шығарыўды көбейтиў зәрүрлиги белгилеп берилди. Яғный, исбилерменлик субъектлери бажыхана бажыларын ҳәм салықларды төлеўден шәртли азат етилген ҳалда алып кирилген товарларды олар тийисли тәртипте қайта исленип, ямаса, олардан басқа товар таярлап, оңлап қураўшы бөлеклерин алмастырыўы нәтийжесинде пайда болған товарларды қайта ислеў өнимлери тәризинде алып шығады.

Ушырасыўда, мәмлекетимиздиң сыртқы саўда айланысын қураўшы товарлардың экспорты ҳәм импорты менен шуғылланатуғын исбилерменлик субъектлерине усы нормативлик ҳүжжетлердиң мазмун-мәнисин түсиндириў, атап айтқанда, Мүрәжатта белгиленген тапсырмалардың орынланыўы бойынша түсиниклер берилди.

Қатнасыўшыларға әмелдеги нызамшылық талаплары бойынша бажыхана рәсмийлестирилиўи тараўында исбилерменлик субъектлерине жаратылған қолайлықлар, бажыхана төлемлерине усынылып атырған жеңиллик ҳәм преференциялар, жаратылған имканиятлардан пайдаланыўдың талаплары менен шәртлери туўралы мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, «бажыхана аймағында қайта ислеў» бажыхана режимине товарларды рәсмийлестириўдиң талаплары менен шәртлери, оның қолайлықлары, 2020-жыл 22-декабрьде Өзбекстан Республикасы қосымша шәрт пенен қосылған Киото конвенциясы бойынша бажыхана тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди халықаралық нормаларға имплементациялаў порцесслеринде әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша түсиниклер берилди.

Илаж даўамында исбилерменлик субъектлери өз жумысларында ушырасып атырған машқалалар туўралы мағлыўматлар берип, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.